Исбилерменлик белсендилиги индекси 2025-жыл даўамында унамлы сақланып қалды

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы тәрепинен баҳаланған Исбилерменлик белсендилиги индекси (ИБИ) 2025-жыл даўамында орташа өзгериў қәсийетине ийе болып, өткен жылға салыстырғанда орташа 9,8 процентке артты. Бул болса Өзбекстанда исбилерменлик белсендилиги индекси өткен жыл даўамында унамлы сақланып қалғанын аңлатады.
Мағлыўмат ушын, хожалық жүргизиўши субъектлердиң белсендилиги 4 компонент, яғный банклераралық төлем операциялары (қаржылар айланысы тезлиги), товар-шийки зат биржасындағы белсендилик (Республикалық товар-шийки зат биржасында тийкарғы 34 түрдеги товарлар саўдасының көлеми), жумыс алып барып атырған субъектлер санының динамикасы, жаңа түрдеги брендлердиң дизимге алыныўы арқалы баҳаланады.
Атап айтқанда, Республикалық товар-шийки зат биржасында тийкарғы 34 түрдеги товарлардың саўдасы 2025-жылы жәми 85 239,2 млрд. сумды қурап, өткен бир жыл даўамында 17 процентке (12 369,8 млрд. сумға) артқан.
Усы дәўирде жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң саны 2026-жыл 1-январь жағдайына 9,4 процентке артқан (453 545 тен 496 212 ге). Онда ири исбилерменлик пенен шуғылланыўшы кәрханалардың саны 11 процентке (3 677 ден 4 083 ге) ҳәм киши кәрханалар 12,7 процентке (358 116 дан 403 767 ге) артқан болса, фермер хожалықлары 3,7 процентке (91 752 ден 88 362 ге) азайған.
Таллаўларға бола, Республикада төлем операцияларының саны 2025-жыл даўамында 75 742 мыңды қурады, 2024-жылға салыстырғанда 1 процентке азайып (732,2 мың транзакцияға) орташа дәрежеде қалған.
Төлем операциялары Орайлық банктиң банклераралық төлем системасы арқалы әмелге асырылған мемориал ордер ҳүжжетлери, төлем тапсырмасы, төлем талапномасы, инкасса тапсырмасы ҳәм аккредитивке арзалар санының жыйындысы менен түсиндириледи.
2025-жыл даўамында юридикалық тәреплердиң 4 629 жаңа товар белгилери ҳәм товар атамалары дизимнен өткерилген болып, өткен жылға салыстырғанда 6,4 процентке азайған.
Сондай-ақ, Исбилерменлик белсендилиги индекси 2025-жыл декабрь айында 1067 бирликти қурап, өткен айға салыстырғанда 6,7 процентке ҳәм өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда болса 22,3 процентке сезилерли дәрежеде артқан.
2025-жылдың декабрь айында Исбилерменлик белсендилиги индекси өткен айға салыстырғанда 6,7 процентке артып, 1067 бирликти қурағаны, хожалық жүргизиўши субъектлердиң банк есап бетлериндеги операциялар саны бойынша компонент 17,9 процентке артқаны, товар-шийки зат биржасында шийки зат сатып алыў жеделлиги 1,3 процентке азайғаны, жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлер бойынша компонент 0,5 процентке артқаны, товар белгилери бойынша компонент 26,3 процентке артқанына байланыслы болған.
2025-жылдың декабрь айында Исбилерменлик белсендилиги индексиниң барлық аймақта өткен айға салыстырғанда өсиўи бақланған. Соның ишинде, Қашқадәрья (59,9 процент), Сырдәрья (53,6), Сурхандәрья (51,9 процент) ҳәм Ташкент ўәлаятында (49,8 процент) сезилерли дәрежеде өсиў бақланған.
2025-жылдың декабрь айында банклераралық төлем операцияларының саны 7 053,2 мыңды қурады ҳәм 2025-жылдың ноябрь айына салыстырғанда 1 075,6 мың транзакцияға (17,9 процент) артқан.
2025-жылдың декабрь айында республиканың 14 аймағында юридикалық тәреплер арасындағы банк операцияларының саны өткен айға салыстырғанда артқан. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы (53,7 процент), Қашқадәрья (45,6 процент), Сурхандәрья (39,2 процент) ҳәм Сырдәрья (36,7 процент) ўәлаятларында сезилерли өсиў бақланған.
2025-жылдың декабрь айында ИФИның биржа компоненти 0,9867 бирликти қурады. Бул болса, бул компоненттиң өткен айға салыстырғанда 1,3 процентке азайғанын аңлатып, ҳәр бир келисим бойынша сатып алынған товарлардың орташа көлеми 1,1 процентке артқаны ҳәм дүзилген келисимлер саны 3,8 процентке азайғаны менен түсиндириледи.
Республикалық товар-шийки зат биржасында товарлар саўдасының улыўма айланысының көлеми 2025-жыл декабрь айында 8 071 млрд. сумды қурап, бул көрсеткиш өткен айға салыстырғанда 15,6 процентке артқан.
Жумыс алып барып атырған хожалық субъектлери бойынша компонент 2025-жыл декабрь айында 1,0047 бирликти қурап, өткен айға салыстырғанда 0,5 процентке артқан. Онда 2025-жыл декабрь айында барлық түрде жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң саны өткен айға (493 863 бирлик) салыстырғанда 2 347 бирликке артып, 496 212 бирликти қураған.
Ири исбилерменлик пенен шуғылланыўшы кәрханалардың саны болса 22 ге артқан. Есап бериў дәўиринде, киши кәрханалардың саны 401 462 ден 403 767 ге артқан (2305). Сондай-ақ, фермер хожалықларының саны 88 340 тан 88 362 ге шекем (22 та) артқан. Ири исбилерменлик пенен шуғылланып атырған субъектлердиң саны 4 083 ти қурап, өткен айға салыстырғанда 22 ге артқан.
2025-жыл декабрь айында саўда белгилерин қорғаў бойынша индекс 1,2627 бирликти қурап, өткен айға салыстырғанда 26,3 процентке артқан.
2025-жылдың декабрь айында юридикалық тәреплер тәрепинен 447 товар белгилери ҳәм товар атамалары дизимнен өткерилген.
Моҳигул Қосимова таярлады,
ӨзА