“Бий аға” көркем фильминиң премьерасы болып өтти

8

Қарақалпақстан көркем өнер сарайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң басламасы менен Нөкис районы ҳәкимлигиниң буйыртпасы бойынша сүўретке алынған “Бий аға” атлы көркем фильмниң премьерасы болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов, “Нураный” қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Абдижаббаров, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Фильмниң сценарийси көпшиликке мақул болып, онда халық көркем өнерине байланыслы әҳмийетли ўақыялар орын алған.

Илажда бир қатар актёр, оператор, режиссёрға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Нөкис районы ҳәкимлиги тәрепинен миннетдаршылық билдирилди.

Қатнасыўшылар ҳәм мийманлар фильм бойынша өз пикирлерин билдирип, “Бий аға” көркем фильми жоқары көркемлилик пенен жаратылғанын атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги