Тутыныўшылардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў жолында

Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўы мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди. Бул тараў экономикалық ҳәм ҳуқықый реформалар, институционаллық түпкиликли өзгерислер, бәсекини раўажландырыўдың улыўма бағдарлары менен үнлес түрде жетилистирилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясына 2025-жыл даўамында пуқаралардан жәми 472 мүрәжат келип түсти.
Бул мүрәжатлардың 215 и саўда, 13 и электр тәмийнаты, 38 и газ тәмийнаты, 18 и дәри-дәрмақ, 24 и транспорт, 10 ы байланыс (интернет), 82 си үй-руўзыгершилик техникасы, 74 и болса басқа тараўларға туўра келеди. Келип түскен мүрәжатлардың шешилиўи нәтийжесинде тутыныўшылардың пайдасына жәми 658 миллион 105 мың сумнан аслам жеткерилген зыян қайта есап-санақ етип берилди.
Қарақалпақстан Республикасы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясында, қалалық ҳәм районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлеринде турақлы түрде исеним телефоны ислеп тур.
Қарақалпақстан хабар агентлиги