“Ҳәким ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти

Жаслар – мәмлекет келешеги, реформаларымыздың таянышы ҳәм раўажланыўымыздың ҳәрекетлендириўши күши болып есапланады. Бүгинги күнде елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта.
Усы мақсетте Елликқала районында жаслар менен тиккелей пикирлесиўди күшейтиў, оларды қыйнап киятырған машқалаларды орнында шешиўге қаратылған “Ҳәким ҳәм жаслар” ушырасыўлары турақлы шөлкемлестирилип келинбекте.
Бүгин Елликқала районы ҳәкими В.Ниязимбетов район орайындағы Көркем өнер сарайында 600 ге шамалас жаслар менен ашық ҳәм қызғын пикирлести.
Ушырасыўда район ҳәкими Президентимиздиң басшылығында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатқа айрықша итибар қаратылып атырғанлығы, жаслар ушын билимлендириў, бәнтлик, исбилерменлик ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарларында кең имканиятлар жаратылып атырғанлығын атап өтти.
Сөйлесиў процесинде жаслар өзлерин тәшўишке салып атырған мәселелер, усыныс ҳәм басламалары менен шығып сөйледи. Билдирилген ҳәр бир мүрәжат район ҳәкиминиң қадағалаўына алынып, жуўапкер басшыларға орынланыўын тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпалар жүкленди.




Ушырасыў соңында район турмысында белсене қатнасып киятырған, интакер ҳәм ибратлы жасларға район ҳәкимлиги тәрепинен миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Жаслар менен ашық пикирлесиў – машқалалардың шешимине, имканиятлар болса жаңа жетискенликлерге жетеклейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги