Берлин Гренландия мәселесинде АҚШқа қарсы

25

Германия Дональд Трамптың Гренландия мәселесинде Европаға басым өткериў сиясатын ашықтан-ашық ирония менен күтип алып, қәўипли деп атады. АҚШ Президенти Данияны атаўды сатыўға мәжбүрлеў ушын Европадағы аўқамласларына тариф пенен қәўип салып атырғанда, Берлинниң сабыр кесеси толды, деп жазған “Reuters”.

Экспортқа сүйенген ГФР экономикасы ушын бул басым аўыр соққы. Автомобиль қурылысы, машина қурылысы ҳәм химия санааты әллеқашан саўда кескинлигиниң ақыбетин басынан өткермекте. Санаатшылардың ескертиўинше, егер Европа бүгин жеңиллик берсе, ертең және де ақылға уғрас келмейтуғын талаплар қойылады.

Германия инженерлер ҳәм саўда палаталары Трамптың сиясий мақсетти экономикалық жазалаў менен байланыстырыўын қабыл етип болмайтуғын жағдай сыпатында баҳалады ҳәм Брюссельден қатаң, бир жуўапты талап етти. Атап айтқанда, тарийхта биринши мәрте “анти мәжбүрий илаж механизми” иске қосылыўы мүмкин.

Тариф сиясаты әллеқашан анық санларда сезилип атыр: “Volkswagen” миллиардлап евро зыян көриўи мүмкин, “Mercedes” ҳәм “Porsche” басым астында, BASF болса экспорт кризисине дус келмекте. АҚШ еле Германияның ең ири базары болса да, саўда көлеми төменлемекте.

Берлин ушын мәселе тек Гренландия емес, ал ески континенттиң сиясий ғәрезсизлиги, экономикалық суверенитети ҳәм басымға қалай жуўап бериўи бағдарындағы сынақ мәселеси болып табылады.

Мусулмон Зиё, ӨзА