Маск: Жер жүзинде туўылыў азлығының ақыбети жаман болады

9

Америкалы исбилермен Илон Маск туўылыў дәрежеси Жер жүзиниң дерлик барлық жеринде жүдә төмен екени, егер жағдай өзгермесе, пүткил мәдениятлар, мәмлекетлер жоқ болып кетиў итималы бар екенинен ескертти. Алдын ол Қытайдың келешектеги тийкарғы машқаласы әйне демографиялық кризис болатуғынын айтқан еди.

– Халықтың санының азайыўы Қытайдың оғада аўыр, узақ мүддетли машқаласы, – деп жазған еди миллиардер. – Бул Жер жүзиндеги барлық мәмлекетлерге тәсир көрсетеди.

Сондай-ақ, Маск декабрь айында жер жүзи бойлап туўылыўдың сезилерли дәрежеде азайғанын инсаният дус келген ең қәўипли қәўип, деп атады.

Бизге белгили, атақлы исбилермен көп ўақыттан берли инсаният демография машқаласына дус келип атырғанына итибар қаратып келмекте.

С.Раҳимов, ӨзА