Судта қатнаспаған лаўазымлы шахсларға жәрийма қолланыў механизми енгизиледи

10

Ҳәкимшилик судлар пуқара ҳәм исбилерменлердиң нызамлы мәплерин исенимли қорғаўда әҳмийетли орын ийелейди. 2017-2024-жылларда ҳәкимшилик судлар тәрепинен 102 мыңнан аслам ис көрилген болып, олардың 60 проценти қанаатландырылған.

Енди сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, ҳәкимшилик судлардың орны ҳәм роли және де күшейтилмекте. Соның ишинде, ҳәкимшилик судларға судқа ҳүрметсизлик ҳәм судтың жеке ажыратыўы талапларын орынламаў жағдайлары бойынша ислерди көриў ўәкиллиги берилмекте.

Ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиўде исенимди ҳуқықый қорғаў принципи енгизилип, дәслепки тыңлаў институты қолланылады.

Сондай-ақ, ҳәкимшилик судлар тәрепинен ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў тәртиби анық белгиленбекте. Лаўазымлы шахслардың ҳәкимшилик судта мәжбүрий қатнасыўын тәмийинлеў нәзерде тутылмақта. Яғный, суд мәжилислеринде себепсиз қатнаспаған лаўазымлы шахсларға суд жәриймасы қолланыў механизми енгизиледи.

Сондай-ақ, ҳәкимшилик судлардың қарарлары мәмлекетлик уйымлар ямаса шөлкемлер тәрепинен орынланбаған жағдайда, олардың лаўазымлы шахсларына суд жәриймаларын қолланыў, қайта орынланбағаны ушын суд жәриймасын арттырылған муғдарда қолланыў нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, дәслепки тыңлаў нәтийжесинде арза көриўсиз қалдырылған жағдайда төленген мәмлекетлик бажыны қайтарыў тәртиби белгиленбекте.

Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын суд арқалы қорғаўдың заманагөй механизмлерин енгизиўге қаратылған нызам жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялар фракцияларының мәжилислеринде биринши оқыўда көрип шығылмақта. Жойбар менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс, Ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы кодекс ҳәм “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Муҳтарама Комилова, ӨзА