Гренландиядағы жағдай бойынша ЕК мәжилис өткереди

Гренландия менен байланыслы жағдай шеңберинде Европа Кеңесиниң Президенти Антониу Кошта жақын күнлерде айрықша мәжилис шақырыў нийетин жәриялады. Алдын ол ЕА АҚШ Президенти Дональд Трамптың Европаның бир неше мәмлекетине тариф жәриялағанына жуўап ретинде ағза мәмлекетлерден улыўмалық ҳүжжет таярлап атырғанын айтқан еди.
– Соңғы ўақыялардың әҳмийетин есапқа алып, сондай-ақ, келешектеги жағдайды муўапықластырыў мақсетинде жақын арада Европа Кеңесиниң айрықша мәжилисин шақырыўға қарар еттик, – деп жазған Кошта социаллық тармақтағы бетинде.
“Политико” басылымы ЕА рәсмийи ҳәм дипломатқа сүйенип, мәжилис 22-январьға режелестирилгенин жазған.
Шемби күни Трамп февраль айында Дания, Норвегия, Швеция, Франция, Германия, Уллы Британия, Нидерландия ҳәм Финляндияға 10 процентлик тариф енгизилетуғынын жәриялады. Бажы июнь айында 25 процентке шекем көтериледи ҳәм Қурама Штатлар Гренландияны сатып алыў бойынша келисим дүзилгенге шекем әмел етеди.
Ҳәзир Гренландия Дания Патшалығының қурамында. Трамп болса атаў Қурама Штатлар қурамына кириўи керек екенин бир неше мәрте атап өткен. Дания ҳәм Гренландия рәсмийлери Вашингтонды атаўды ийелеўден ескертип, аймақлық пүтинликке ҳүрмет етилиўин күтетуғынын атап өтпекте.
С.Раҳимов, ӨзА