Испания: тезликтен апатшылыққа шекем

15

Испания қубласында жоқары тезликте кетип баратырған еки поезд соқлығысып, кеминде 21 адам қайтыс болды. Кордоба ўәлаяты Адамуз аймағында жүз берген апатшылық мәмлекетти ләрзеге салды.

Изден шығып кеткен поезд қарама-қарсы жөнелисте киятырған составқа урылып, вагонларды жолдан шығарып жиберген. Емлеўханаға жатқарылған 75 пуқарадан 15 и аўыр жағдайда. Рәсмийлер қурбанлар саны артыўы мүмкинлигин жасырмай атыр.

Еки поездда 400 ге жақын жолаўшы бар еди. Дем алыстан кейин Мадридке қайтып баратырғанлар ҳаўлығыў, бақырыў ҳәм ҳәп заматта басланған тәртипсизликтен албыраған.

“Renfe”  компаниясына тийисли поезд соқлығысыў ўақтында саатына 200 километр тезликте ҳәрекетленген. Қайтыс болғанлар арасында машинист те бар. Апатшылық себеби ҳәзирше белгисиз.

Мусулмон Зиё, ӨзА