Ҳәким ата ҳәм Қызыл жар АПЖ аймақларының гөнерген газ қубырлары жаңасына алмастырылмақта

Бул илажлар “Басламалы бюджет” жойбарының 2025-жылғы 2-мәўсиминиң нәтийжелери бойынша әмелге асырылмақта.
Бул бағдардағы жумысларды көзден өткериў ҳәм қурылыс жумысларының сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Мойнақ районы ҳәкими жуўапкер қәнигелер менен бирге усы аймақларға барып, гөнерген газ қубырларын жаңаларына алмастырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты.
Атап айтқанда, Ҳәким ата АПЖ «Дослық» аўылы аймағындағы турақ жайларды ҳәм көтере тутыныўшыларды тәбийий газ бенен тәмийинлеп киятырған, улыўма узынлығы 8,2 километрлик жоқары басымлы (Д-159-219 мм) жер асты газ қубыры заманагөй талаплар тийкарында Д-100 мм.лик жер үсти газ қубырына алмастырылып реконструкцияланбақта. Сондай-ақ, темир-бетон тумбалар орнатылып, арнаўлы компенсаторлар жайластырылмақта.
Сондай-ақ, Қызыл жар АПЖ аймағында Мойнақ районы газ бөлистириў үскенесинен АПЖ орайына шекемги 9000 метрлик аралықтағы диаметри 89 мм. болған гөнерген газ қубыры диаметри 150 мм.лик жаңа, заманагөй газ қубырына алмастырылмақта.

Бул жойбарлар “Басламалы бюджет” бағдарламасының 2025-жылғы 2-мәўсиминиң нәтийжелери тийкарында әмелге асырылмақта. Әлбетте, бул жумыслар халқымыз тәрепинен билдирилген баслама ҳәм усыныслардың әмелий нәтийжеге айланып атырғанының айқын көриниси.
Бул жумыслар жуўмақланғаннан соң газ тәмийнаты және де турақласады, үзилислер ҳәм басым менен байланыслы машқалалар сапластырылады, ең әҳмийетлиси, қәўипсизлик дәрежеси сезилерли дәрежеде артады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги