Экспортшы кәрханалар ушын фитосанитариялық қадағалаў: машқалалар ҳәм шешимлер

2

Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен агентлик директоры И.Эргашев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы А.Жуманазаровтың қатнасыўында экспортёр кәрхана ўәкиллери менен ашық сәўбетлесиў болып өтти.

Онда экспорт пенен шуғылланып атырған исбилерменлик субъектлери, жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм тараў қәнигелери қатнасты.

Ушырасыўдан гөзленген тийкарғы мақсет өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўында экспортшы кәрханаларда дус келип атырған машқалаларды үйрениў, бар машқалаларды орнында таллаў, әмелияттағы нормативлик-ҳуқықый талаплар бойынша түсиниклер бериў ҳәм исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў арқалы экспорт имканиятларын арттырыўдан ибарат.

Ашық сәўбетлесиўде агентлик тәрепинен өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, экспорт етилип атырған аўыл хожалығы өнимлериниң фитосанитариялық қадағалаўдан өткериў тәртип-қағыйдалары, халықаралық талаплар ҳәм сертификатлаў процесслериниң әпиўайыластырылыўы ҳаққында толық мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, экспорт процесинде жүзеге келип атырған машқалалар, соның ишинде, ҳүжжетлерди рәсмийлестириў, лабораториялық тексериўлер, карантин талапларына байланыслы мәселелер бойынша исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, оларға тийисли түсиниклер ҳәм әмелий усыныслар берилди.

Илаж жуўмағында агентлик тәрепинен экспортшы кәрханалар менен ашық ҳәм системалы сөйлесиўди турақлы жолға қойыў, олардың машқалаларын тез шешиў, сондай-ақ, фитосанитариялық талаплар тийкарында сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлердиң экспортын кеңейтиў бағдарындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги