“Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде транспорт хызметлериниң көлеми 301 триллион сумға шекем арттырылады

“Өзбекстан – 2030” стратегиясы мәмлекеттиң орта ҳәм узақ мүддетли раўажланыў бағдарларын белгилеп беретуғын әҳмийетли стратегиялық ҳүжжет болып, ол турақлы экономикалық өсимди тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сапасына унамлы тәсир көрсетиў, инсан капиталы потенциалын раўажландырыў және мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелилик ҳәм ашық-айдынлықты буннан былай да арттырыўды нәзерде тутады.
Стратегияда реформаларды избе-из даўам еттириў, жеке меншик сектордың белсендилигин күшейтиў, санлы трансформация ҳәм “жасыл” экономика принциплерин енгизиў, сондай-ақ, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық қорғаў тараўларында системалы өзгерислерге ерисиў тийкарғы мақсет сыпатында белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев быйыл 26-декабрь күни Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар мине усы стратегияны қайта көрип шығыў мәселесин ортаға қойғанын атап өтиў керек.
“Раўажланыў стратегиясы” орайында ғалаба хабар қуралларының қатнасыўында өткерилген баспасөз әнжуманында жуўапкерлер бул ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.
Онда “Раўажланыў стратегиясы” орайы бөлим баслығы Жамшид Шарипов, Өзбекстан Республикасы Транспорт министриниң биринши орынбасары Маманбий Омаров, Энергетика министрлиги секретариатының баслығы Бекзод Исмоилов, Туризм комитетиниң басқарма баслығы Ойбек Ҳакимов шығып сөйлеп, жойбарға тийкарланып усы тараўларда белгиленетуғын тийкарғы ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Олардың сөзлерине бола, “Өзбекстан – 2030” стратегиясының жетилистирилиўи, онда белгиленген ўазыйпалардың жаңаланыўы мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығында үлкен әҳмийетке ийе. Өз гезегинде, бул процессте кең жәмийетшиликтиң белсене қатнасыўын тәмийинлеў де әҳмийетли мәселе есапланады.
– “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбарында Өзбекстанның глобаллық транспорт-логистика тармақларына интеграциясын тереңлестириў ҳәм миллий транспорт системасының потенциалын арттырыў тийкарғы ўазыйпалардан. Соған тийкарланып бул ҳүжжет шеңберинде транспорт хызметлериниң көлемин 301 триллион сумға шекем арттырыў, жолаўшы ҳәм жүк тасыў хызметлериниң көлемин 250 триллион сумға жеткериў, авиақатнаўлардың санын 200 мыңға, соның ишинде, республика аймақлары арасындағы рейслердиң санын 41 мыңға жеткериў ўазыйпалары белгиленген, – деди Транспорт министриниң биринши орынбасары М.Омаров.
Энергетика министрлиги секретарьиатының баслығы Бекзод Исмоиловтың мәлим етиўинше, жаңаланып атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясында 2030-жылға шекем “жасыл” экономикаға өтиў, оның тийкарын қурайтуғын қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў көрсеткишлерин кескин арттырыў және экономика тармақлары ҳәм халықты зәрүр энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў нәзерде тутылған. Оған бола, қайта тиклениўши энергия дереклериниң қуўатлылығын 25 мың МВт қа жеткериў ҳәм экономика тармақлары ҳәм халықтың мүтәжликлери ушын жеткерип берилетуғын электр энергиясының көлеми 120 миллиард кВт.саатқа шекем арттырылады.
Сондай-ақ, илажда туризм тараўының алдағы ўазыйпалары да айтып өтилди. Туризм комитети басқарма баслығы Айбек Ҳакимовтың атап өткениндей, 2030-жылға барып сырт ел туристлериниң жыллық саны 20 миллионға жеткериледи, туризм хызметлериниң экспорт көлеми 6 миллиард долларға шығарылады ҳәм аймақларда 4 мың жаңа мийманхана, мийман үйи ҳәм хостеллер шөлкемлестириледи.
Баспасөз әнжуманының жуўмағында жуўапкерлер бул жойбарға байланыслы додалаўлар турақлы даўам ететуғынын атап өтти.
Н. ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзА хабаршысы