Футболшыларымыз «Қытай дийўалы»н бузып өте алмады

2

16-17-январь күнлери Саудия Арабстанында футбол бойынша 23 жасқа шекемги жаслар арасында өткерилип атырған Азия кубогинде шерек финал ойынлары болып өтти.

Атап айтқанда, Джидда қаласындағы «Шаҳзада Фейсал бин Фахд» стадионында Өзбекстан ҳәм Қытай жаслар сайланды командалары ярым финал жолламасы ушын кескин гүрес жүргизди.

Оғада қызықлы  өткен бул ойынның тийкарғы ҳәм төреши тәрепинен қосып берилген қосымша таймларында дәрўазаларға гол урылмады. Буған әлбетте, қытайлы дәрўазаман ҳәм қорғаўшылардың мейтиндей беккемлиги себеп болды десек асыра айтқан болмаймыз. Төреши тәрепинен белгиленген пенальтилер сериясында болса, әўмет қытайлы жасларға күлип бақты ҳәм олар 4:2 есабында жеңип шығып, Азия кубогиниң ярым финалына жолламаны қолға киргизди.

Бул ушырасыўда «Арал» футбол клубының тәрбияланыўшысы Самандар Муратбаев сайланды командамыз дәрўазасын қорғаған болса, және бир ўәкилимиз Муҳаммедалий Реймов ойынға түсирилмеди.

Ал, қалған шерек финал ойынларында болса, Япония Иорданияны пенальтилер сериясында 4:2 есабында жеңген болса, Вьетнам Бирлескен Араб Әмирликлерин 3:2, Қубла Корея Австралияны 2:1 есабында жеңилиске ушыратты.

Ертең Азия кубогинде ярым финал ойынлары өткерилип, онда Япония Қубла Корея, Австралия Қытай жаслар сайланды командалары финал жолламасы ушын өз-ара беллеседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы