Социаллық хызметкерлердиң жумысы қоллап-қуўатланбақта

Шымбай районы «Инсан» социаллық хызметлер орайы тәрепинен халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, мәҳәлледе комплексли социаллық хызметлер көрсетиўши қәнигелердиң жумысы ушын зәрүр шараятларды жаратыў жолында әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.
Атап айтқанда, халыққа хызмет көрсетиў процесслерин санластырыў, жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қәнигелерди заманагөй техника қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде, Шымбай районы ҳәкимлиги тәрепинен мәҳәллелердеги социаллық хызмет көрсетиўши 22 хызметкерге 22 заманагөй компьютер тапсырылды.
– Алып барылып атырған бул жумыслар орай хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, халық пенен ислесиў процесслерин санластырыў және мүрәжатларды жедел ҳәм сапалы көрип шығыў имканиятын береди,-дейди районы ҳәкиминиң орынбасары А.Утемисов.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы