Берунийде нызамсыз қурылма мәжбүрий бузылды

4

Ҳәзирги ўақытта, ғалаба хабар қураллары арқалы пуқараларға өзбасымшалық пенен нызамсыз қурылмаларды қурыўға жол қойылмаўы, оның ақыбетлери ҳаққында мәмлекетлик уйымлар тәрепинен турақлы түрде ескертилип атырған болса да, айырым пуқаралар тәрепинен жергиликли ҳәкимликлерге тийисли жер майданларына нызамсыз қурылмалар қурылып атырғанының гүўасы болмақтамыз.

Бундай нызамсыз қурылмаларды бузыў мәселелери суд тәртибинде шешилип атырған болып, олардың орынланыўы Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымлары тәрепинен әмелге асырылмақта.

Мәселен, Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судының 2025-жыл 23-октябрьдеги қарарына тийкарланып, Беруний районы, “Абай” АПЖ аймағында өзбасымшалық пенен қурылған турақ жай қурылысы ушын мөлшерленген фундаментти жуўапкер Б.Х.ның есабынан мәжбүрий бузыў ҳәм жер майданын жарамлы жағдайға келтириў белгиленген.

Усы қарар бойынша шығарылған орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Беруний районы бөлиминиң ис жүргизиўине келип түсип, бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилген.

Соның ишинде, жуўапкерге нызамсыз қурылмаларды өз есабынан бузыўы керек екенлиги, суд қарарының орынланыўын тәмийинлемеў ақыбетлери ҳаққында бир неше мәрте түсиниклер ҳәм ескертиўлер берилген.

Соған қарамастан, жуўапкер тәрепинен нызамсыз қурылмалар ықтыярлы түрде сапластырылмаған.

Сол себепли, нызамсыз қурылма арнаўлы техника қураллары жәрдеминде усы жылдың 17-январь күни мәжбүрий бузып тасланған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги