ҚМУ студентлери ушын Японияда жумыс ислеў ҳәм тәжирийбе арттырыў имканияты жаратылмақта

7

Японияның абырайлы «Koutaru Kai – Joho Bencha» компаниясының директоры Каи Коутаро республикамызға хызмет сапары менен келип, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине болды.

Сапар шеңберинде мийман университет ректоры Б.Жоллыбеков пенен ушырасып, өз-ара бирге ислесиў мәселелери бойынша сәўбетлести.

Ушырасыў даўамында студентлерди шет тиллерге, атап айтқанда, япон тилине оқытыў, оларды халықаралық маманлық ҳәм тил имтиханларына таярлаў, сондай-ақ, Япония компанияларында тиккелей жумыс пенен тәмийинлеў мәселелери додаланды. Тәреплер кадрлар таярлаў процесин халықаралық мийнет базарының талапларына бейимлестириў, студентлердиң кәсиплик ҳәм әмелий көнликпелерин раўажландырыў бойынша пикирлести. Бул бирге ислесиў бағдарламасы студент-жасларға жоқары маманлықтағы жумыс тәжирийбесин арттырыў, халықаралық жумыс орталығы, мийнет тәртиби ҳәм корпоратив мәденият пенен жақыннан танысыў имканиятын береди. Соның менен бирге, жас қәнигелердиң сырт елде арттырған билим ҳәм тәжирийбелерин келешекте елимиздиң раўажланыўы, экономикасы ҳәм өндирис тараўларында нәтийжели қолланыўы ушын беккем тийкар жаратады.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў, қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм студентлердиң халықаралық мийнет базарына шығыў имканиятларын кеңейтиўге келисип алды. Бундай басламалар Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң халықаралық байланысларын буннан былай да беккемлеўге, заманагөй ҳәм бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги