Прокуратура уйымлары хызметкерлери күни белгиленди

5

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “Өзбекстан Республикасы Прокуратурасы уйымлары хызметкерлери күни” мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, кәсиплик байрамы мүнәсибети менен тараў пидайылары ҳәм ветеранларын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимизде Президентимиздиң басшылығында халқымыздың тынышлығын ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа, сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў, нызам үстинлигин тәмийинлеўде айрықша орынға ийе прокуратура уйымларының жумыс нәтийжелилигин және де арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Әлбетте, бундай илажлар нәтийжесинде ең тийкарғы байлығымыз есапланған тынышлық ҳәм миллетлер аралық дослықты сақлаў, пуқаралардың еркинлиги ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да халық ийгилиги жолында әмелге асырылып атырған жумысларда тараў ўәкиллери пидәкерлик пенен жумыс алып бармақта.

Өткерилген илажда мине, усындай жоқары пазыйлетли жумыслар кең түрде сөз етилди. Сондай-ақ, бир топар тараў ўәкиллери ҳәм ветеранлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары тийкарында ҳүрметли атақ, көкирек белгилери ҳәм “Ҳүрмет жарлығы” менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының буйрығына тийкарланып бир топар қатардағы хызметкерлер арнаўлы дәреже, баҳалы саўғалар менен хошаметленди.

Илаж даўамында “Прокурордың бир күни” сахналық шығармасы жыйналғанлардың итибарына усынылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги