Оппозициялық фракцияның өткен жылғы жумысы қалай өтти?

Парламенттеги оппозиция – Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының 2025-жылғы жумыс жуўмақлары ҳәм усы жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар бойынша брифинги өткерилди.
Өзбекстан ХДП фракциясы тәрепинен партияның сайлаўалды бағдарламасында алға қойылған идеялар менен басламаларды әмелге асырыў бағдарында, социаллық тараўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў, сайлаўшылар менен пикирлесиўди күшейтиў, орынларда пуқараларды ойландырып киятырған системалы машқалаларды таллап барыў, атқарыў уйымларының жумысы үстинен парламентлик қадағалаўды орнатыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Есап бериў дәўиринде нызамларды додалаўларда альтернатив усыныслар бериў, партия электоратының даўысын парламентке ҳәм ҳүкиметке жеткериў, мәмлекетте күшли социаллық сиясатты избе-из даўам еттириў, ҳүкимет тәрепинен Нызамшылық палатасына киргизилип атырған Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм Бюджет жойбарының тастыйықланыўы ҳәм орынланыўы тәмийинлениўи және нызам жойбарларының электорат мәплерине тиккелей хызмет етиўине ерисиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мүрәжатында белгиленген социаллық мәселелер, бәринен бурын, инсан турмысының ең тийкарғы тараўларын қамтып алады. Бәнтлик, кәмбағаллықты қысқартыў, билимлендириў ҳәм медицинаның сапасын арттырыў, мәҳәллениң жәмийеттеги орнын беккемлеў, ең тийкарғысы, социаллық турақлылықты беккемлеў сыяқлылар партия ҳәм фракцияның сиясий мақсетлери менен үнлес болып, фракция бул реформалардың нәтийжелилигинде тиккелей қатнасады.

Брифингте фракция электорат мәплерин избе-из қорғаў жолында сол қанат партия фракциясы сыпатында парламентте өзиниң сиясий позициясын қатаң билдирип баратуғыны мәлим етилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА