БМШ басшысы: Глобаллық бирге ислесиў ыдыраў алдында

9

БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш дүнья жетекшилерине ашық ҳәм кескин мүрәжат жоллады: халықаралық бирге ислесиў дәрежеси билқастан босаңластырылмақта. Оның сөзлерине бола, халықаралық ҳуқықтың ашықтан-ашық бузылыўы ҳәм геосиясий қарама-қарсылықтың күшейиўи глобаллық система тырнағын ләрзеге салмақта.

Бизге белгили, Гутерриш 2026-жылдың ақырында лаўазымынан кетеди. Ол соңғы жыллық есабат шығып сөйлеген сөзинде дүнья “өз-өзин жемирип атырған бөлиниў” ийримине түсип қалғанын атап өтти. Белгили бир мәмлекетлердиң атын келтирмеседе, раўажланыў ҳәм гуманитарлық жәрдемниң қысқарғанын кескин сынға алып, бул БМШ институтларының жумысына тиккелей соққы берип атырғанын жасырмады.

– Ең зәрүр пайытта, биз халықаралық бирге ислесиў системасынан жүдә төмен пайдаланып атырмыз, – деди рәсмий.

Гутерриш БМШ Газа, Украина ҳәм Суданда тынышлық орнатыў жолындағы ҳәрекеттен бас тартпайтуғынын билдирди. Әйне ири келиспеўшиликлер структура жумысына мөр болып түсти. Сыншылар болса шөлкемди келиспеўшиликлердиң алдын алыўда әззи, деп баҳаламақта. Қәўипсизлик кеңеси АҚШ, Россия ҳәм Қытай арасындағы кескинлик себепли ләң жағдайда.

БМШ басшысы Газаға гуманитарлық жәрдем иркинишсиз жетип барыўы, Украинада урысты тоқтатыў ушын бар имканият иске қосылыўы, Суданда сөйлесиўди қайта баслаў зәрүр екенлигин және бир мәрте тәкирарлады.

Баянатының жуўмағында Гутерриш жасалма интеллект тараўындағы қыйыншылықлар қәўпи ҳәм тереңлесип баратырған теңсизликке қарсы глобаллық көлемде илаж көриўге шақырды. Қулласы, жетекшиниң көзқарасы анық: бирге ислесиў бузылса, ақыбетин пүткил инсаният сезеди.

Мусулмон Зиё, ӨзА