Халықтың таза ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси артпақта

7

Бүгинги күнде халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў ең әҳмийетли машқалалардан бирине айланды.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, дүнья бойынша суўға болған талап барған сайын артып бармақта. Бул болса суўдан ақылға уғрас ҳәм үнемлеп пайдаланыўды талап етеди. Бирақ бүгин көпшилик ўатанласларымыз суўды ысырап етип атырғанын, оннан надурыс пайдаланып атырғанын көремиз. Оның қәдирин болса суўға мүтәж, суўсыз аймақларда жасап атырған адамлар жақсы биледи. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң соңғы мағлыўматларына бола, бүгин планетамыздың 2,2 миллиардтан аслам халқы ишимлик суўы жетиспейтуғын шараятта жасамақта.

Ҳәзирги ўақытта Қараөзек районы халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда анық мәнзилли жумыслар алып барылмақта.

Әлбетте, мәмлекетимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша барлық илажлар көрилмекте. Мәмлекетлик арнаўлы қәрежетлер есабынан “Қойбақ” аўыл пуқаралар жыйынында баҳасы 660 миллион сумлық жойбар әмелге асырылды. Жойбар шеңберинде районның Гүзберген, Дағар, Хожа аўылларында киши көлемли суўды душшыландырыўшы үскенелер қурылып, халықтың үйлерине шекем ишимлик суў тармақлары тартылды.

“Қойбақ” аўылы район орайынан 50 километр узақлықта болып, 236 шаңарақта 1050 ден аслам халық жасайды.

– Аўыл халқы көп жыллардан берли таза ишимлик суўы машқаласынан қыйналып киятыр еди, – дейди П.Утениязова. – Усы күнге шекем аўылласларым тийкарынан қолдан исленген “качалка” арқалы мәҳәллемиздиң жер асты суўларын ҳәм алыс аймақлардан көлик жаллап, суў ишип келетуғын еди. Президентимиздиң қарарына тийкарланып 2025-жылы мәҳәллемизге таза ишимлик суўы кирип келди. Шаңарақларымыздың дәрўазасына шекем қубыр тартылды. Суў басымы жақсы. Таза ишимлик суўынан рәҳәтленип атырмыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги