Қәбилетли студентлер ушын гезектеги әҳмийетли басқыш

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң хабарына бола, 2025-2026-оқыў жылы ушын Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм басқа да белгили мәмлекетлик стипендиялары бойынша республикалық басқыш таңлаўлары 22-29-январь күнлери өткериледи.
Бул стипендияларға талабан болған жаслар ҳүжжетлерин өткен жылдың 1-15-ноябрь күнлери my.edu.uz электрон платформасы арқалы тапсырған еди. Елимиз бойлап 98 жоқары билимлендириў мәкемесинен 700 ден аслам қәбилетли студентлер таңлаўда қатнасыў тилегин билдирген.
Ҳүжжетлерди дәслепки көрип шығыў процесинде айырым талабанлардыӊ ҳүжжетлеринде кемшиликлер анықланған. Ҳәзирги ўақытта бул кемшиликлерди сапластырыў ушын жумысшы топар тәрепинен тийисли жумыслар алып барылмақта.
Сонлықтан, Президент ҳәм атлы мәмлекетлик стипендиялар бойынша республикалық басқыш таңлаўлары 2026-жылдың 22-29-январь күнлерине белгиленди. Бул таңлаў қәбилетли жаслар ушын өз билим ҳәм потенциалын көрсетиўде әҳмиетли имканият болып хызмет етеди.
Н.Рахманова,
ӨзА