Жас өспиримлер жынаятшылығының тамыры қай жерде?

Жәмийеттиң келешеги – бүгинги жаслардың қолында. Сонлықтан, жас өспиримлер арасында жынаятшылық мәселеси бәрқулла әҳмийетли болып келген. 2025-жылдың нәтийжелери болса бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар әсте-ақырын өз нәтийжесин берип атырғанын көрсетти.
Өзбекстан Республикасы Криминология изертлеў институтының мағлыўматларына бола, 2024-жылы жас өспиримлер тәрепинен 3 112 алдын алыў мүмкин болған жынаят дизимге алынған болса, 2025-жылы бул көрсеткиш 2 798 ге түскен. Яғный, жынаятлар саны 10,1 процентке азайған. Бул болса мектеп, шаңарақ, мәҳәлле ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары арасындағы бирге ислесиў беккемленип атырғанынан дерек береди.
Қәнигелердиң атап өткениндей, жас өспиримлер жынаятшылығының тийкарғы себеплери шаңарақлық қадағалаўдың төменлеўи, тәрбиялық жумыслардың жетерли дәрежеде алып барылмаўы, қадағалаўсыз бос ўақыт ҳәм унамсыз теңлеслердиң тәсири болып есапланады. Әсиресе, мүлклик жынаятлар: урлық, тонаўшылық ҳәм алдаўшылық жетекши орынды ийелемекте.
Статистикаға нәзер тасласақ, ҳәр екинши жынаят урлыққа туўра келеди (1 313 жағдай). Сондай-ақ, 84 алдаўшылық, 193 хулиганлық, 87 тонаўшылық, 68 аўыр дене жарақатын жеткериў, 68 транспорт қуралын алып қашыў, 36 намысқа тийиў, 17 басқыншылық ҳәм 15 адам өлтириў жағдайлары дизимге алынған.
Ҳәзирги ўақытта және бир қәўетерли тәрепи бар: жынаятлардың 12 проценти мәлимлеме технологиялары арқалы исленген. Интернет жаслар ушын имканият есиклерин ашып атырған болса да, кибер алдаўшылық, онлайн басым ҳәм виртуал ҳүжим сыяқлы қәўип-қәтерлерди де алып келмекте.
Аймақлық таллаўларға бола, жынаятлардың тийкарғы бөлеги бес аймақ үлесине туўра келген. Олар: Ташкент қаласы (634), Ферғана (482), Наманган (371), Ташкент ўәлаяты (345) ҳәм Самарқанд ўәлаяты (308). Бул болса профилактика жумысларын улыўмалық түрде емес, ал мәнзилли түрде алып барыў зәрүрлигин көрсетеди.
Қәнигелер бирдей пикирде: жас өспиримлер жынаятшылығы тек ғана ишки ислер уйымларының машқаласы емес. Бул ата-ана, мектеп, мәҳәлле ҳәм пүткил жәмийет мойнына түсететуғын жуўапкершилик болып есапланады. Ең нәтийжели жол – баланың қәтесин жынаятқа айланбастан бурын тоқтатыў.
Өзбекстан Республикасы Криминология изертлеў институты тәрепинен өткерилген илимий таллаўлар ҳәм әмелий изертлеўлер нәтийжесине бола, жас өспиримлер жынаятшылығының келип шығыў себеплери терең үйренип шығылған.
Оған бола, жынаятқа алып келиўши факторлар арасында ата-ананың тәрбиялық үлгиси жетекши орынды ийелейди. Бала ең дәслеп, ата-анасының күнделикли минез-қулқы ҳәм мүнәсибетлеринен үлги алады. Соның ушын шаңарақта нызамға ҳүрмет, мийнет сүйгишлик ҳәм жуўапкершилик үстин болса, балада да усы қәдириятлар қәлиплеседи.
Соның менен бирге, социаллық орталық – дослар топары, көше, рәсмий емес топарлар да үлкен тәсир көрсетпекте. Қадағалаўсыз қалған жас ушын унамсыз ис-ҳәрекет тезден әдетке айланып кетиўи мүмкин.
Экономикалық қыйыншылықлар да айырым жас өспиримлерди мүлклик жынаятларға бейимлестириўи бақланбақта. Сондай-ақ, мектеп орталығындағы машқалалар: сабақ қалдырыў, оқыўға итибарсызлық ҳәм тәрбиялық жумыслардың нәтийжесизлиги де қәўипли фактор болып есапланады.
Психологиялық факторлар: агрессивлик, өзин көрсетиў тилеги де айырым жағдайларда аўыр ақибетлерге алып келиўи мүмкин. Ең аз үлес ҳуқықый саўатлылық жетиспеўшилигине туўра келсе де, жасларды нызам ҳәм жуўапкершилик ҳаққында хабардар етиў басқа факторлардың тәсирин азайтыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Жас өспиримлер жынаятшылығы жеке себеп емес, ал бир-бири менен байланыслы факторлар системасының нәтийжеси екенин айтыў керек, делинеди таллаўларда. Соның ушын, бәлким профилактика жумыслары да тек ғана жазалаў менен шекленбеўи керек шығар? Орталықты саламатландырыў, шаңарақты қоллап-қуўатлаў ҳәм жаслар менен ерте ислесиў – ең дурыс жол, мүмкин?
Мине, усы бағдарда Өзбекстан Криминология изертлеў институтының илимий таллаўлары ҳәм әмелий усыныслары соңғы ўақытларда оғада үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Институт тәрепинен алып барылып атырған избе-из изертлеўлер жәмийетте жынаятшылықтың алдын алыўға хызмет етип, жас өспиримлердиң келешегин сақлаў жолында исенимли тийкар болмақта.
Бундай нәтийжели жумыс болса келешекте және де унамлы нәтийжелерге себеп болатуғыны сөзсиз.
М.Эшмирзаева,
ӨзА