Машқалалардың алды алынса…

Қарақалпақстан Республикасында тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў мәселеси халықтың күнделикли турмысы менен тиккелей байланыслы әҳмийетли бағдарлардан бири болып қалмақта.
Ҳақыйқатында да, Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетине өткен 2025-жыл даўамында пуқаралардан жәми 1 385 мүрәжат келип түскени тараўда машқалалар елеге шекем бар екенлигинен дерек береди.
Мүрәжатлар толық үйренилип, көрилген илажлар нәтийжесинде тутыныўшылардың пайдасына 8 миллиард сумнан аслам қаржы қайта есап-санақ етилди. Бул бир тәрептен, пуқаралардың өз ҳуқықларын талап етиўде жеделлесип атырғанын көрсетсе, екинши тәрептен, айырым хызмет көрсетиўши ҳәм саўда субъектлери тәрепинен нызам талапларына елеге шекем жетерли дәрежеде итибар берилмей атырғанын аңлатады.
Демек, мүрәжатлар санының азайыўы тек ғана қадағалаў илажларын күшейтиў менен емес, ал исбилерменлик субъектлери арасында ҳуқықый мәдениятты арттырыў, тутыныўшының мәпин ҳүрмет етиў принциплерин турмысқа терең енгизиў арқалы тәмийинлениўи мақсетке муўапық. Себеби машқала мүрәжат арқалы шешилгенинен гөре, оның алдын алыў жәмийет ушын бир қанша пайдалы.
Нигора Раҳмонова, ӨзА