Кегейлиде онлайн дизимнен өткериў барысы үйренилди

8

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Кегейли районында да халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажының биринши басқышы – онлайн дизимнен өтиў процесслери басланды.

Халықтың бул процесске жедел тартылыўын тәмийинлеў, түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў мақсетинде, Кегейли районына бириктирилген Республикалық жумысшы топар ўәкиллери район ҳәкими Айбек Камалов басшылығындағы штаб ағзалары менен биргеликте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге барып, дизимге алыў процесслери менен жақыннан танысты.

Жумысларды үйрениў даўамында дизимге алыў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, адамлардың өтиў тәртиби ҳәм басқышларын дурыс муўапықластырыў, аймақлық комиссиялар ҳәм участкалардың жумысын жеделлестириў бойынша тийисли усыныс ҳәм көрсетпелер берилди.

Әлбетте, алып барылып атырған бул жумыслар дизимге алыў ислериниң шөлкемлескенлик пенен өтиўине өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди. Жумысшы топар ўәкиллери ҳәм арнаўлы дүзилген штаб ағзалары тәрепинен республикамыздың барлық аймақларында бул бағдардағы ислер қызғын даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы