Беруний районында саламатлық марафоны өткерилмекте

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен өткерилип атырған “Саламат турмысқа қарай!” саламатлық марафоны Беруний районы медицина бирлеспесиниң көп тармақлы поликлиникасында болып өтти.
Усы жылдың 1-31-январь күнлери өткерилип атырған бул акция кеселликлердиң алдын алыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға қаратылған.
Марафон аймақтағы шаңарақлық поликлиникаларда даўам етип, Республикалық қәнигелестирилген медицина орайларының жетекши шыпакерлери ҳәм жергиликли медицина хызметкерлери тәрепинен халықтың барлық қатламы бийпул медициналық тексериўден өткерилмекте.
Усы тийкарда кеселликлерди ерте басқышта анықлаў ҳәм нәтийжели емлеў бойынша зәрүр усыныслар берилмекте. Өз гезегинде тексериў нәтийжелери заманагөй мәлимлеме системалары арқалы бирден-бир электрон базаға киргизилип, келешекте наўқаслардың саламатлығы турақлы мониторинг етип барылады.

Сондай-ақ, Беруний районының халық көп жыйналатуғын орынларында “Саламатлық майданлары” шөлкемлестирилип, бул мәнзиллерде саламат турмыс тәризи ҳәм дурыс аўқатланыўды үгит-нәсиятлаўға байланыслы ҳәр қыйлы акциялар шөлкемлестирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги