Пуқаралық жәмийети шөлкемлериниң жумысына байланыслы форум болып өтти

8

Нөкис қаласында еки күн даўамында пуқаралық жәмийетиниң регионаллық муўапықластырыўшы форумы болып өтти.

Европа Аўқамы менен биргеликте қаржыландырылып атырған “Өзбекстанда инклюзив жәмийетлик раўажланыў ушын пуқаралық жәмийетиниң имканиятларын кеңейтиў” жойбары Конрад Аденауэр қорының Өзбекстандағы ўәкилханасы, миллий шерик – “Юксалиш” ҳәрекети менен биргеликте шөлкемлестирилген бул илаждың интенсив жумысшы сессияларында 50 ге шамалас мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм юридикалық клиникалардың ўәкиллери, сондай-ақ, белсенди жаслар ҳәм пуқаралар қатнасты.

Форумның тийкарғы мақсети – Қарақалпақстан Республикасында Пуқаралық жәмийети шөлкемлериниң институционаллық ҳәм тараўлық потенциалын арттырыў, олардың жергиликли дәрежедеги әҳмийетли раўажланыў машқалаларын (әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар мәселелеринде) шешиўдеги ролин күшейтиў, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети шөлкемлери, университетлер ҳәм мәмлекетлик структуралар арасында өз-ара бирге ислесиў ҳәм билим алмасыў ушын платформа қәлиплестириўден ибарат.

Форумда «Юксалиш» ҳәрекетиниң атқарыўшы директоры А.Маматханов,  Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов, Конрад Аденауэр қорының Орайлық Азиядағы регионаллық бағдарламасының басшысы Андре Альгермиссен ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жойбардың ўазыйпалары, Өзбекстанның раўажланыўындағы роли, Қарақалпақстан Республикасында пуқаралық жәмийети шөлкемлери жумысларының нызамшылық базасының әҳмийетли мәселелерине кеңнен тоқтап өтти.

Форум даўамында қатнасыўшылар мақсетли аймақларда ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, жаслар бәнтлиги ҳәм социаллық инклюзия сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша исленип атырған жумыслардағы бар кемшиликлерди анықлаў ушын пикир алысып, Қашқадәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларынан онлайн қатнасып атырған пуқаралық жәмийети шөлкемлериниң табыслы жойбарлары ҳәм алдынғы әмелиятлары туўралы мағлыўматлар алды.

Сессияларда дус келип атырған шөлкемлестириўшилик, финанслық, есабат тапсырыў ҳәм нормативлик мәселелердеги қыйыншылықларды сапластырыў ушын тәжирийбели эксперт шешимлерин усыныў, университетлер, юридикалық клиникалар, ҒХҚ ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллерин тартыў арқалы бирге ислесиў ушын жаңа имканиятларды қәлиплестириў, усы жойбар шеңбериндеги бағдарламаларда қатнасыў ушын арза тапсырыўдың мақсетлери, шәртлери ҳәм техникалық талапларын толық түсиндириў сыяқлы тийкарғы ўазыйпаларға итибар қаратылды.

Форум бағдарламасы Қарақалпақстан Республикасындағы социаллық машқалалар ҳәм оларды шешиў бойынша пуқаралық жәмийети шөлкемлериниң усыныслары ҳәм илажлары, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қамтып алыўшы тийкарғы машқалаларды талқылаў, сондай-ақ, усы машқалаларды шешиўде пуқаралық жәмийети шөлкемлериниң  нәтийжелилигин арттырыў жолларын көрип шығыў сыяқлы тийкарғы тематикалық блоклар ҳәм додалаўларды өз ишине алды.

Илажда қатнасыўшылар өз жумысын күшейтиў ушын әмелий билим ҳәм қуралларға ийе болып, регионаллық басламалар шеңберинде және де нәтийжели бирге ислесиўге хызмет ететуғын жаңа шериклик байланысларын қәлиплестириў имканиятын алды.

Форум даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги