Балалардың сөйлеў қәбилетин жақсылаўдың дурыс жолы табылды

6

Қытайлы қәнигелер ата-аналары менен бирге китап оқыған мектепке шекемги жастағы балаларда тил ҳәм социаллық-эмоционаллық көнликпелер жақсы раўажланатуғынын анықлады. Бул ҳаққында Computers in Human Behavior журналы жазбақта.

Изертлеўде Ланчжоу қаласындағы бақшалардың үш жастан алты жасқа шекемги 202 тәрбияланыўшысы ҳәм олардың ата-аналары қатнасты. Балалар қанша ўақытты экран алдында өткериўи, ата-анасы менен китап оқыўы ямаса олар менен бирге ойнаўы атап өтилди.

“Экран арқалы ағартыўшылық ҳәм кеўилашар контент, сондай-ақ, еркин ҳәм биргеликте тамаша етиўге мөлшерленген бағдарламалар көрсетилди. Балалардың раўажланыў дәрежеси тил көнликпелери, сезимлер ҳәм социаллық нормаларды түсиниў бойынша стандартластырылған тестлер жәрдеминде баҳаланды”, – деп жазған басылым.

Изертлеў жуўмағына бола, ата-аналары менен көбирек китап оқыған балаларда тил раўажланыўы ҳәм социаллық көнликпелердиң жоқары көрсеткишлери атап өтилди. Экран алдында көп отырған балаларда бул көрсеткишлер төменлиги бақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги