Өзбекстан Қураллы Күшлериниң 34 жыллығы темасы түрк баспасөзинде

5

Түркияның “TRTAvaz мәлимлеме порталы Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығына бағышланған мақала жәриялады, деп хабар бермекте “Дунё” мәлимлеме агентлиги.

Мақалада атап өтилиўинше, 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни Өзбекстанда 1993-жылдан берли белгиленип келинеди. Бул сәне тек ғана әскерий хызметкерлер емес, ал мәмлекеттиң тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўши барлық структуралар ҳәм ветеранлар ушын айрықша әҳмийетке ийе.

– Ташкенттиң тийкарғы көшелери бойлап әскерлер әскерий марш ҳаўазына үнлес, исенимли қәдем таслап барды, – деп жазған туўысқан елдиң басылымы. – Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети аймағынан басланған парадта офицерлер, тараўға қәнигелескен билимлендириў мәкемелериниң тыңлаўшылары, Қураллы Күшлердиң ҳәр қыйлы бөлимлери ҳәм атлы әскерлер қатнасты. Пайтахт халқы әскерий демонстрацияны қызығыўшылық пенен бақлады.

Сондай-ақ, мақалада 1992-жылы парламент қарары менен Өзбекстан аймағында жайласқан барлық әскерий бөлим ҳәм структуралар республика қарамағына өткерилгени, әйне усы күн Орайлық Азиядағы ең күшли армиялардан бириниң қәлиплесиў сәнеси сыпатында тарийхта қалғаны атап өтилген.

Ф.ЯХШИБОЕВА, ӨзА