Спорт тараўындағы әҳмийетли ўазыйпалар көрип шығылды

Ҳәр бир тараўдың раўажланыўы реформалардың нәтийжели алып барылыўына ҳәм келешектеги режелердиң белгиленген тәртипте турмысқа енгизилиўине байланыслы.
Спорт министрлиги орайлық аппаратының шөлкемлестириўшилик структурасы ҳәм 2026-жылы өткерилиўи режелестирилип атырған жарыслардың мазмунына бағышланған мәжилисте бул ҳаққында сөз болды.
Өзбекстан Республикасы спорт министри А.Икромовтың басшылығында өткерилген мәжилисте Спорт министрлиги орайлық аппаратының шөлкемлестириў структурасына киргизилиўи режелестирилген өзгерислер, усы жылы елимизде ҳәм сырт елде өткерилетуғын халықаралық жарыслардың жойбары көрип шығылды. Ҳәр бир мәселе бойынша жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды.
Додалаўлар процесинде денетәрбия ҳәм спорт тараўында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, халықаралық жарысларда Ўатанымыз абырайын қорғайтуғын спортшылар, сайланды командаларға зәрүр шараятлар жаратыў, жәҳән спорт майданларында Өзбекстан атын улығлаў тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди.
Сондай-ақ, мәжилисте елимизде жолға қойылған ғалабалық спорт жарыслары арқалы шебер спортшыларды анықлаў системасындағы реформалар, маман тренер ҳәм қәнигелердиң тәжирийбесин кеңнен ен жайдырыў сыяқлы темалар талланды.
Жуўапкерлерге анық ўазыйпалар жүкленди.
Т.Рўзиев, ӨзА