Социаллық қорғаў тараўында Өзбекстан – Қытай бирге ислесиўи

12

Өткен жылы барлық тараўлар қатарында социаллық қорғаў системасында да жоқары нәтийжелерге ерисилди. Атап айтқанда, реабилитация хызметлериниң сапасын арттырыў, майыплықты белгилеўде бирден-бир электрон платформа енгизилиўи усылардың қатарына киреди. Бунда халықаралық бирге ислесиўлер ҳәм өзлестирилген тәжирийбелердиң де орны айрықша. Соны есапқа алған ҳалда усы жылы да халықаралық бирге ислесиўлердиң саны артыўы режелестирилген.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги басшылығы Қытай Халық Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси – Юй Цзюнь менен ушырасыў өткерип, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳаққында пикир алысты ҳәм халықты социаллық қорғаў илажларын және де тереңлестириў бағдарлары бойынша додалаўлар алып барды.

Сөйлесиўлер даўамында инсан потенциалын раўажландырыў, майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў, сондай-ақ, балаларды зорлық ҳәм басқа түрдеги кемситиўлерден қорғаў тараўындағы бирге ислесиў перспективаларына айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, Қытайдың майыплығы болған шахсларға социаллық-реабилитация хызметлерин көрсетиў, социаллық қорғаў мәкемелерин аўқат пенен тәмийинлеў системасын қәлиплестириў ҳәм басқа да әмелий бағдарлардағы алдынғы тәжирийбесин үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў соңында тараўды және де раўажландырыў мақсетинде тийкарғы социаллық жойбарларды әмелге асырыў ушын грант қаржыларын тартыў мәселелери көрип шығылып, Қытайдың қәнигелескен қорлары, қайырқомлық шөлкемлери ҳәм халықаралық раўажланыўға жәрдем механизмлериниң тәжирийбе-сынақ басламаларын қаржыландырыўда қатнасыў имканиятлары додаланды.

Дослық руўхында алып барылған сөйлесиўлер ҳәр еки тәреп ушын да келешекте пайдалы бирге ислесиўлердиң даўам етиўинен дерек берди, десек алжаспаған боламыз.

Шербек Исломов, ӨзА