АҚШ TRIPP жойбарын қадағалайды

Қурама Штатлар Трамп жөнелиси жойбарын (TRIPP) әмелге асырыў ушын Армения-Америка қоспа кәрханасы “TRIPP Development Company”диң қадағалаў үлесин алады. Бул ҳаққында Мәмлекетлик департаменттиң баспасөз хызмети Мәмлекетлик хаткер Марко Рубио ҳәм Армения сыртқы ислер министри Арарат Мирзоян арасында Вашингтонда болып өткен ушырасыўдан соң биргеликтеги билдириў жәриялады.
Қурама Штатлар жоқарыда айтып өтилген ширкеттеги үлесиниң 74 процентине, Армения болса 26 процентине ийелик етеди. Ереванның үлеси кейин ала 49 процентке шекем жетиўи мүмкин. “TRIPP Development Company”транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳуқықын 49 жыл мүддетке алады, кейин келисим 50 жылға созылыўы мүмкин.
Атап өтилиўинше, TRIPP “Армения ишиндеги анық транзит жөнелислери шеңберинде, келешекте толық баян етилетуғын орынларда, Арменияның барлық жойбар аймақлары үстинен толық суверенитетин сақлап қалған ҳалда ислеп шығылыўы” керек.
Тәреплердиң билдириўине бола, Қурама Штатлар жойбарды Қубла Кавказда тынышлықты беккемлеў, саўданы кеңейтиў ҳәм тәмийнат шынжырының турақлылығын беккемлеў, соның ишинде, әҳмийетли минерал ҳәм шийки затларды қолға киргизиў қуралы сыпатында көрмекте. Сондай-ақ, бул баслама Америка инвестициясы ҳәм бизнеси ушын жаңа базарлар ашыў, Европа ҳәм Азия арасында қосымша саўда жолларын жаратыўды нәзерде тутады.
Армения ушын TRIPP “регионаллық транзит ҳәм экономикалық орай сыпатындағы статусын беккемлеў, сырт ел инвестициясын тартыў, экспорт потенциалын кеңейтиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў имканияты” сыпатында тән алынбақта. Сондай-ақ, қоспа кәрханалар, технологиялар трансфери ҳәм жергиликли қәнигелер ушын тәжирийбе арттырыўды раўажландырыў режеси де бар.
Өткен жылы 8-август күни Вашингтонда Президент Дональд Трамп пенен үш тәреплеме ушырасыўдан соң Армения Бас министри Никол Пашинян ҳәм Әзербайжан Президенти Илҳам Әлиев Баку ҳәм Ереван арасында тынышлық орнатып, улыўма транспорт коридорын жаратыў бойынша биргеликтеги декларацияға қол қойған еди.
С.Раҳимов, ӨзА