Депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаў жоқары нәтийжелерге тийкар болады

Орынлардағы ҳәр қыйлы машқалаларды үйренип, шешиў, пуқаралардың дәртин тыңлаў, лаўазымлы шахслардың өз жумысын нәтийжели алып барыўына үлес қосыў халық ўәкиллериниң әҳмийетли ўазыйпаларынан болып есапланады. Онда олар өзлерине берилген ўәкиллик ҳәм имканиятлар шеңберинде жәмийетлик ҳәм депутатлық қадағалаў институтларынан нәтийжели пайдаланыўы керек. Сонда ғана аймақларда белгили нәтийжелерге ерисиў мүмкин.
Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен “Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатының мазмун-мәниси және онда белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыўда ўәкилликли уйымлардың роли” атамасында семинар өткерилди.
Илажда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң Баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының баслығы Халилла Ешимбетов “Президент Мүрәжаты – жәмийетлик-сиясий реформалардың стратегиялық жол картасы” атамасында баянат жасап, бүгинги күнде депутатлар алдында турған тийкарғы ўазыйпалар, идея ҳәм басламаларды жүзеге шығарыўда партия топарларының ролин арттырыў мәселесине тоқтап өтти. Атап айтқанда, мүрәжатлар менен ислесиў, депутатлық қадағалаўдың ең әҳмийетли түри болған депутатлық сораў институтынан белсене пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
– Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде партияның 11 депутаты жумыс алып бармақта. Олар өткен 2025-жыл даўамында халықтан келип түскен әҳмийетли жәмийетлик-сиясий мәселелер бойынша жәми 86 депутатлық сораў жиберген болып, соннан 86 сына да унамлы шешим тапқан. Районлық ҳәм қалалық Кеңеслерде партияның 82 депутаты болып, олар өткен жыл даўамында жиберген 663 депутатлық сораўдан 608 и нәтийжели шешилген, – дейди Х.Ешимбетов. – Буннан тысқары, партияның жәмийетлик қабыллаўханаларына келип түскен 1 мың 473 мүрәжаттың дерлик 90 проценти өз шешимин тапқан.
Таллаўлар аймақтағы депутатлық топарлардың жумысы системалы жолға қойылғанын, халықтан келип түскен мүрәжатлар өз шешимин таўып атырғанын көрсетпекте. Бирақ депутатлық топарлар социаллық тараўға жуўапкер уйымлар ҳәм шөлкемлер жуўапкерлериниң есапларын тыңлаў, сол арқалы тәсиршең илажлар белгилеў бағдарында интакерликти арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Соның менен бирге, Мүрәжатта белгиленген депутат сораўларының орынланыўы ҳәр шеректе талланып барылыўы мәселесине де айрықша тоқтап өтилди.
Семинарда халық ўәкиллериниң әмелий жумысын буннан былай да избе-из ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Жыйналғанларға көпти көрген, үлкен тәжирийбеге ийе партияның пидайы жуўапкерлери өзлериниң узақ жыллық тәжирийбелеринен келип шыққан зәрүр усынысларын билдирди.
Мәжилисте Халық демократиялық партиясының бағдарламалық мақсетлери солшыл идеяларға тийкарланғаны ушын Мүрәжатта белгиленген кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтлик, билимлендириў ҳәм медициналық хызмет сапасын арттырыў сыяқлы ўазыйпалардың орынланыўында партия шөлкемлери, тийкарғысы, депутатлық бирлеспелер жумысының нәтийжелилигин ҳәм тәсиршеңлигин арттырыў бойынша ўазыйпалар ҳаққында пикир алысылды.



Мүрәжатта Халық демократиялық партиясының тийкарғы бағдарламалық мақсетлеринен бири болған социаллық мәмлекет моделиниң келеси жыл ушын ҳәрекетлер бағдарламасы анық белгиленген. Сол себепли партия үгит-нәсият жумысларын избе-из жолға қойып, партия шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелери алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған оқыў-семинарлар мәмлекетимиздиң барлық аймақларында даўам еттирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги