Жаңаланыў тезлиги жаңа дөретиўшилик басламаларға имканият бермекте

50

Театр ағартыўшылық үлесиўши, сахна ҳәм тамашагөй арасында жанлы қарым-қатнас орнатыўшы дәргай болып, бул орында жоқары пазыйлетлер ҳәм улыўмаинсаныйлық идеялар жырланады.

Бүгинги глобалласыў дәўиринде инсаният өмири жеделлик пенен өзгерип, дүнья мәдениятлары бир-бири менен жақынласып атырған бир ўақытта театр көркем өнери жәмийеттиң руўхый раўажланыўының әҳмийетли тийкары болып хызмет етпекте. Техника ҳәм жасалма интеллект қаншама раўажланбасын, инсан қәлбине тәсир ететуғын, оны жақсылыққа шақыратуғын ең тәсиршең қурал – бул жанлы театр.

Елимизде бул көркем өнерди раўажландырыў, театрларға тамашагөйлерди кеңнен тартыў, олардың репертуарын жоқары көркем-идеялық, сапалы сахналық шығармалар менен байытыў мәселелерине айрықша итибар қаратып келинбекте. Бул бағдарда “Өзбекстан – 2030” стратегиясында барлық бағдар ҳәм тараўлар қатарында театр көркем өнерин раўажландырыўға қаратылған бир қатар ўазыйпалар өз көринисин тапқан.  Хош, Стратегияда белгиленген мақсет-ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда бүгин театр жәмәәтлеримиз қандай жумыс алып бармақта, қандай жаңалықлар үстинде ислемекте? Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры бас режиссёры Өмирбек Бектурғанов 47 жыллық тарийхқа ийе усы театр мысалында сораўларымызға жуўап берди:

– “Өзбекстан – 2030” стратегиясында театр көркем өнерин раўажландырыў бағдарында белгиленген мақсет-ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда репертуарымызды көркемлик-идеялық жақтан жоқары шығармалар менен байытыўға ҳәрекет етип атырмыз. Театрымызда реже бойынша жылына төрт спектакль, қосымша тамашагөйлердиң талабынан келип шыққан ҳалда режеден тысқары бир-еки спектакль сахналастырылады. Өткен жылы бес спектакль халқымыз итибарына усынылған болып, соннан екеўи аудиториясы балалар болған ертек-спектакльлер, ал, қалғанлары орта ҳәм ересек жастағы тамашагөйлер ушын арналған қойылымлар. Атап айтқанда, жергиликли драматург Дарийха Дарушова қәлемине тийисли Роза Пиязова режиссёрлығында “Сырлы қудық” атамасындағы ертек шығарма сахналастырылды. Бул спектакль әпиўайы мектепте оқыйтуғын еки баланың басынан кеширген ўақыяларын өз ишине алған. Балалар суўы қурып қалған қудықты қызық көрип, ишине түсип кетеди. Бул қудықта жер астында жасайтуғын жәнликлер менен ушырасып, олардың қыйын турмысының гүўасы болады. Шығарма балалардың экологиялық мәдениятын арттырыў, суўды үнемлеў, тийисли болмаған орынларға шығынды тасламаў сыяқлы көнликпелерин қәлиплестириўге хызмет етеди.

Екинши шеректе рус драматурглери Сергей Белов, Сергей Куваевтың авторлығында «Ийт болғым келмейди» атамасындағы спектакль сахналастырылды. Ертекте қораз, пышық ҳǝм басқа да ҳайўанлар ийт болғысы келеди. Бирақ, ҳǝр нǝрсениң өз орнында болғаны жақсы екенин ертек қаҳарманлары түсинип жетеди. Шығарма балаларға ҳǝр бир инсанның өзиниң имканиятларынан келип шыққан ҳалда кǝсип таңлаўы, босқа мақтаншақлық етип, уятқа қалмаў, менменликке берилмеў идеяларын үгит-нǝсиятлаўға қаратылған.

Сондай-ақ, Пулман Филипптиң «Алаўатдинниң сыйқырлы шырағы» атамасындағы шығармасын қайта ислеп, өзим сахналастырдым. «Алаўатдинниң сыйқырлы шырасы» ертек тамашасы балалар менен бирге ересек адамларда да жүдә үлкен тәсир қалдырды. Онда сақыйлық ҳәм жақсылық өз сыйлығын көрсетиўи, өз нәўбетинде, бақылшылық, көре алмаўшылық, ашкөзлик ҳәм ҳайўанларға азар бериў сыяқлы жаман әдетлер де жуўапсыз қалмайтуғыны көрсетиледи.

Усы спектакль даўамында театрда балалардың фантазиясын оятатуғын әжайыбатларды әмелге асырыў ушын техникалық имканиятлар жаратылды. Сахнаны жарытыў системасы жетилистирилди. Спектакльдиң көркемлик жақтан мазмунын байытыўшы сахна декорациялары исленди.

Буннан басқа да мектеп оқыўшыларына арналған «Дослыққа қыянет» атамасындағы спектакль сахналастырылды. Тамаша даўамында жақсылық ҳәм сақыйлық инсанды жоқарылататуғыны, жаўызлық болса басқа қайғылар жаўдыратуғыны және бир мәрте өз дәлилин табады.

Театрымыз Жас тамашагөйлер театры болғаны ушын репертуарымыздан бундай темалар көп орын алған. Тийкарынан, ана Ўатанға, тәбиятқа муҳаббат, дослық темалары, комедиялық шығармалар көп қойылып атыр. Бул шығармаларымыз тамашагөйлер тәрепинен жүдә жыллы күтип алынбақта. Премъералар өзгеше руўхта өтпекте – балалар да ўақыяларға қатнасып, қаҳарманлардың тәшўишлерине шерик болды, қуўанышларын ортақласты.

Қазақ драматурги Қазбек Аманжолдың «117-квартира» атамасындағы шығармасы сахналастырылды. Бул шығарма бүгинги күнниң актуал мǝселеси болған шаңарақлар арасында ажырасыўлардың көбейип атырғаны ҳаққында болып, тамашагөйлерди шаңарақтың уллы екенлиги ҳаққында ойланыўға ийтермелейди. Айтпақшы болғаным, усындай жоқары идеяларды үгит-нǝсиятлаўға қаратылған шығармаларды сахнаға алып шығыў ҳәм тамашагөйлерди тартыў бағдарында әмелий жумыслар алып барылмақта. Келешекте усындай идеяларымызды даўам еттиремиз. Театрға тамашагөйлерди көбирек тартыў ушын, әлбетте, жоқары дәрежедеги шығармаларды көбейтиўимиз керек. Бул бағдарда көплеген режелеримиз бар.

Ҳақыйқатында да, театрымыздың бүгинги күн талабына муўапық раўажландырылыўы, сахналарға жоқары идеяларды өзинде жәмлеген шығармалардың алып шығылыўы Стратегияда белгиленген ўазыйпалар менен уйқас. Ең әҳмийетлиси, халқымыз, әсиресе, жасларымыздың руўхыятын, ағартыўшылықты жоқарылатыўға қаратылған шығармаларды көбейтиў, олардың көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў – жас әўладтың тәкирарланбас көркем өнеримизден, бай тарийхымыздан бахраманд болыўын тәмийинлейди.

– «Инсан қǝдири ушын» ийгиликли идеясын үгит-нǝсиятлаўшы шығармалар жаратыў бағдарында қандай жумыслар ǝмелге асырылды?

Инсанның жәмийеттеги орны ҳәм қәдир-қымбатын үгит-нәсиятлаўшы «Инсан қәдири ушын» ийгиликли идеясы тийкарында жаңа сахналық шығармалар жаратыў 2024-жыл 22-ноябрьдеги Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Театрлардың жәмийет мәдений турмысындағы әҳмийетин арттырыў ҳәм олардың жумысын және де қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген болып, бул бағдарда Жас тамашагөйлер театрында бир қатар спектакльлер тамашагөйлер итибарына усынылды.

Соның ишинде, қазақ драматурги Алишер Рахат қǝлемине тийисли «Туўылған күниңиз бенен, анажан!» спектаклимиз қойылып, тамашагөйлеримиздиң изи үзилмей, қызығыўшылық пенен спектакльди тамашалады. Бул шығарма тек ересек адамлар емес, ал, балаларымыздың тәлим-тәрбиясына, мәнаўиятына үлкен унамлы тәсир көрсетеди. Жақсылық, туўысқанлыққа садықлық, мийрим-шәпәәт сыяқлы пазыйлетлерди сахнада көриў ертең перзентлеримиздиң өзлеринде де әне усындай пазыйлетлердиң қәлиплесиўине хызмет етеди.

– Бүгинги күнде драматургия ҳәм театр сыншылығын раўажландырыў жумысларына итибар қаратылмақта. Бул процесс театрдың жумысында да сезилмекте ме?

Әлбетте, атап айтқанда, Режиссёр – драматург – композитор – художник принципи тийкарында Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Көркем академия тәрепинен 2025-жылдың 16-18-сентябрь күнлери Ташкент қаласындағы «Паркент» дөретиўшилик үйинде «Нигоҳ» дөретиўшилик жойбары өткерилди. 3 күн даўам еткен семинарда қәбилетли режиссёр, драматург, композитор ҳәм художниклер тандем театрда сахналастырыў ушын таңланған креатив ҳәм заманагөй жойбарларды тәжирийбели экспертлер топарына усынды. Барлық қатнасқан топарлардың шығармалары төрешилер қурамы тәрепинен көркемлик ҳәм идеялық жағынан үйренип шығылып, ең жақсы 5 шығарма авторлары жеңимпаз деп табылды. Усы жойбарда да театрымыз жǝмǝǝти жеңимпаз болып, 65 миллион сумнан аслам грантқа мүнǝсип деп табылды.

– Театр ҳǝм жоқары оқыў орынлары арасында үзликсиз бирге ислесиўди тǝмийинлеў мǝселелерине тоқтап өтсеңиз.

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры сахнасында театрдың жетик дөретиўшилери қатнасыўында ҳәм Өзбекстан мǝмлекетлик көркем өнер ҳǝм мǝденият институты Нөкис филиалында оқып атырған студенттиң режиссёрлығында қайта исленген Казбек Аманжолдың «117-квартира» спектакли сахналастырылды. Бул спектакль институтта актёрлық өнери бағдарында билим алып атырған студенттиң питкериў диплом жумысы болып, ол ушын әмелий тәжирийбе болды.

Бундай келисиўлер жас қәнигелердиң мийнет базарына табыслы интеграциясын тәмийинлеў, олардың кәсиплик раўажланыўына жәрдемлесиў ҳәм жумыс бериўшилердиң тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлениўине хызмет етеди.

– Бүгинги күнде елимизде театр көркем өнерине қаратылып атырған итибар сырт еллерге сапарларға шығыў ушын кең имканиятлар жаратқаны менен де ǝҳмийетли болды, солай емес пе?

Дурыс айтасыз, театрлардың халықаралық бирге ислесиў мәселелери кеңнен жолға қойылды. Үлгили дәрежедеги спектакльлердиң халықаралық фестивалларда қатнасыўы тәмийинленди. Атап айтқанда, Татарстан Республикасы Нижнекамск қаласында «Заман қоңыраўы» фестивалында Туфан Миннуллинниң «Бир қызға төрт ашық» шығармасы Аман Қудайназаров тǝрепинен сахналастырылды. Қырғызыстан Республикасының Бишкек қаласында болып өткен X халықаралық «Art – Ordo – 2025» театр фестивалында «Қаракөз» спектакли менен қатнасып, театрымыз жǝмǝǝти 3 номинация бойынша жеңимпаз болды. С.Қǝллибеков «Ең излениўшең режиссёр», Р.Абдиреймов «Екинши дǝрежели роли ушын», А.Бозорбоева «Дебют роли ушын» номинацияларын қолға киргизди. Сондай-ақ, Қазақстан Республикасының Шымкент, Түркистан қалаларына «Туўылған күниңиз бенен, анажан» спектакли менен гастроль сапарына барып қайттық. Олар да спектакллеримизди жақсы қабыллап, жоқары баҳа берди. Театрлар өза-ара жақын болып, бирге ислесиў ҳǝм тǝжирийбе алмасыў мақсетинде меморандумлар дүзилди.

Президентимиздиң «Халыққа мәдений хызмет көрсетиў дәрежесин және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары бойынша театрдың мәмлекетимиз бойлап гастроль сапарлары режели әмелге асырып келинбекте. Əндижан, Наманган, Ферғана ўǝлаятларындағы ҳǝм басқа да республика көлеминдеги театрларда тәжирийбе алмасыў имканияты пайда болды.

Бир сөз бенен айтқанда, бүгинги күнде елимиз театрлары мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған ғамхорлық ҳәм итибарды өз жумысында сезинип, репертуарын байытпақта, темалар қамтыўын кеңейтиў мақсетинде изленбекте, нәтийжели дөретиўшилик етпекте. Бул болса тамашагөйлерге театрдың қаншелли ибратлы, қутлы мәкан екенин терең аңлаўға имкан бермекте.

– Сǝўбет ушын миннетдаршылық билдиремиз.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы