Дизимге алыў жумысларының барысы үйренилди

19

Өзбекстан Республикасы Транспорт министриниң орынбасары И.Абдугаффаров басшылығындағы республикалық жумысшы топар ағазлары Бозатаў районында болып, халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды үйренди.

Ең дәслеп топар ўәкиллери Бозатаў районы ҳәкимлигинде халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў процесслерин нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде дүзилген арнаўлы штаб жумыслары менен жақыннан танысып, штаб ағзалары менен сәўбетлести ҳәм бар болған машқалаларды сапластырыў, жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў, жуўапкер хызметкерлерге әмелий жәрдем көрсетиў бойынша тийисли тапсырмалар берди.

Сондай-ақ, усы күни райондағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде район ҳәкими Б.Уббиниязов, Өзбекстан Республикасы Транспорт Министриниң орынбасары И.Абдугаффаров ҳәм район Ишки ислер бөлими баслығы У.Курбанбаевалар менен биргеликте аймақта жасаўшы пуқаралардың мүрәжатларын үйрениў ҳәм оларға унамлы шешим табыў мақсетинде гезектеги көшпели қабыллаўы болып өтти.

Өткерилген көшпели қабыллаўға тийисли тараў ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты. Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен транспорт хызмети, ишки жолларды оңлаў ҳәм басқа да турмыслық машқалаларға байланыслы болған мүрәжатлар келип түсти.

Пуқаралар тәрепинен билдирилген бир қатар мүрәжатлардың айырымлары сол жердиң өзинде қанаатландырылып, шешими ўақыт талап етилетуғынларына унамлы шешим табыўы ушын тийисли жуўапкерлерге анық тапсырмалар белгилеп берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы