Иран ҳаўа аймағы ашылды

9

Иран дерлик бес саат даўамында ҳаўа майданын жаўып турғаннан соң, халықаралық ҳәм ишки пәрўазларды қайта бағдарлады. Ўақытша жабылыў АҚШ ҳәм Иран арасындағы итималлы әскерий ҳәрекет қәўпи себепли жүз берген еди.

Ҳаўа аймағы жергиликли ўақыт пенен саат 17:15 те жабылып, тек ғана руқсат алынған халықаралық пәрўазлар әмелге асырылды. “Flightradar24” мағлыўматына бола, “Mahan Air”, “Yazd Airways” ҳәм “AVA Airlines” компанияларына тийисли бес рейс пенен тәнепис жуўмақланды.

Бул ретки жағдайда да алдынғы ҳәптедеги шеклеўге уқсас жағдай бақланды. Яғный, көплеген самолётлар мәмлекет үстинен пәрўаз етти. Мәлим болыўынша, Қурама Штатлар рәсмийлери айырым әскерий хызметкерлерди Жақын Шығыстағы базалардан қайтаратуғынын мәлим еткен. Иран болса АҚШ ҳүжим етсе, Америка базалары нышанаға алыныўы мүмкин екенлигинен ескертти.

“Safe Airspace”  сайтына бола, жағдай айрықша әскерий ҳәрекет қәўпин жүзеге келтириўи, пуқаралық пәрўазлар ушын қәўип пайда етиўи мүмкин.

Мусулмон Зиё, ӨзА