Венесуэла рәсмийлери Х платформасына қайтты

Венесуэла ҳүкиметиниң бир қатар рәсмийлери, соның ишинде, ўақытша Президент Делси Родригес Х (бурынғы “Twitter”) социаллық тармағында және белсендилик көрсете баслады. Бул жағдай 2024-жылы енгизилген қадаған етиў әмелде бийкар етилгенин аңлатпақта.
– Усы платформа арқалы сөйлесиўди қайта тиклеймиз, – деп жазды Родригес рәсмий бетинде.
Ол өзин “Венесуэла Боливар Республикасының ўақытша тайынланған Президенти” деп атап, Николас Мадуро менен Боливар ҳәм Чавез идеясы тийкарында ҳәрекет етип атырғанын атап өтти.
Еслетип өтемиз, АҚШ тәрепинен жақында қолға алынған бурынғы жетекши Мадуро 2024-жыл август айында Х платформасын жабыўға қарар еткен еди. Оған тармақ ийеси Илон Маск пенен жүзеге келген ашық даў себеп болған.
Халқы көп ўақыт даўамында Х тан пайдалана алмады.
Мәмлекет ишки ислер министри Диосдадо Кабелло усы тармақта Венесуэла ҳәм басқа да мәмлекетлердеги пуқараларға мүрәжат етип, жағдайға бийпәрўа болмағанларға миннетдаршылық билдирди. Сондай-ақ, Делсиның иниси, Миллий Ассамблея баслығы Хорхе Родригес абаданлық, қарым-қатнас ҳәм өз-ара ҳүрмет жолынан барыў зәрүрлигин атап өтти.
СNN Венесуэла Миллий телекоммуникация комиссиясы – “Сонател”ден шеклеў алып тасланғаны бойынша рәсмий түсиник сораған. Сондай-ақ, Х компаниясына мәмлекет аймағында платформадан пайдаланыў толық тикленген ямаса тикленбегенлиги бойынша сораў жиберген.
Усы күни Мадурониң тастыйықланған аккаунты да активлесип, Николас ҳәм өмирлик жолдасы Силиа Флорес сүўретленген сүўрет жәрияланды. Сүўретте олар “урланғанына 11 күн болғаны” жазыўы ҳәм тийисли хэштег жайластырылған. Есапбетти ҳәзирги ўақытта ким басқарып атырғаны белгисиз. Мадуро бетиндеги мағлыўматта елеге шекем ол өзин 2025-2031-жыллар ушын Венесуэла Президенти сыпатында көрсетпекте.
Ф.ЯХШИБОЕВА, ӨзА