Өзбекстан U-19  сайланды командасы Түркия менен ойнады

23

Жаңа жылдың басланыўы менен мәмлекетимиз спортшылары өзлериниң алдағы болатуғын жарысларына таярлықларын баслап жиберди.

Атап айтқанда, өткен жылы футбол бойынша Саудия  Арабстанында өткерилген 17-жасқа шекемги командалар арасында өткерилген Азия кубогинде алтын медальды қолға киргизген Өзбекстан сайланды командасы өзлериниң оқыў-шынығыў жыйынларын Түркияда баслап жиберди.

Оқыў-шынығыў жыйынлары шеңберинде олар түркиялы жас өспиримлер менен еки мәрте ушырасты. Оғада қызықлы өткен ойынлардың бириншисинде майдан ийелери 3:2 есабында жеңген болса, екинши ойында сайланды командамыз ағзалары 2:0 есабында жеңиске еристи.

Әҳмийетли тәрепи сонда, бул ойынларда «Арал» футбол клубы тәрбияланыўшылары Нурбек Сәрсенбаев ҳәм Азизбек Еримбетовлар ойынға түсип, командамыздың жеңиске ерисиўине өзлериниң салмақлы үлеслерин қосты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы