Блогер реклама еткен товар сапасыз шықса не ислеў керек?

Ҳуқықый мүнәсибет
Социаллық тармақларда “әжайып” азыў қураллары, “миллионға алып баратуғын” курслар, “оригинал” гаджетлер рекламасы көбейип бармақта. Белгили блогерлер оларды мақтап усынады, ал жазылыўшылар исенип сатып алады. Бирақ товар сапасыз шықса ямаса курс ўәде етилген нәтийжени бермесе, не ислеў керек? Блогер жуўап бере ме?
Бул бойынша Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети, кибер ҳуқық кафедрасының аға оқытыўшысы Мадинабону Якубова төмендегише түсиндирип берди:
– Бәринен бурын, түсиниў керек, нызам алдында блогер – реклама тарқатыўшы есапланады. “Реклама ҳаққында”ғы нызамның 15-статьясына бола, реклама тарқатыўшы рекламаны тарқатыў ўақты, орны ҳәм қуралларына тийисли бөлимде нызамшылық бузылғаны ушын жуўапкер. Бирақ оннан да әҳмийетлиси, реклама бериўши (товар яки хизмет ийеси) рекламаныӊ мазмуны ушын толық жуўап береди.
Нызамда анық емес реклама түсиниги бар. 5-статьяға бола, анық емес (инсапсыз, биле тура жалған) реклама – бул анық емеслик, еки мәнислилик, асырып көрсетиў, жасырыў нәтийжесинде тутыныўшыларды алжастыратуғын ямаса алжастырыўы мүмкин болған, оларға материаллық зыян ҳәм руўхый зыян жеткеретуғын реклама болып табылады. Бундай реклама қадаған етилген.
Әмелде бул мынаны аңлатады: егер блогер “бул крем 7 күнде жыйрықларды кетиреди” деп реклама етсе, бирақ бул ҳақыйқатқа туўра келмесе – бул анық емес реклама. Егер “бул курстан кейин айына 10 миллион табасыз” деп ўәде берилсе, бирақ курс улыўма мағлыўматлардан ибарат болса – бул да анық емес реклама.
2025-жылдың биринши шерегинде Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети 45 мыңға шамалас тексериў өткерди. Нәтийжеде 150 анық емес реклама жағдайы анықланды – тийкарынан БАДлар, азыў қураллары ҳәм дәри-дәрмақлар рекламасы. 90 нан аслам букмекерлик хызметлери рекламасын тарқатқан сайтлар блокланды. Эстрада артистлери, спортшылар ҳәм блогерлердиң нызамсыз рекламасы бойынша 25 сораў ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилди.
Жәриймаларға келсек, Нызамның 47-статьясына бола, финанслық санкциялар төмендегише: рекламасы қадаған етилген өним рекламасы ушын – 100 БЕМ (34 миллион сум); анық емес реклама, контррекламадан бас тартқаны ушын – 70 БЕМ (23,8 миллион сум). Ҳәкимшилик жуўапкершилик кодексиниң 178 (1)-статьясына бола, физикалық тәреплер ҳәм лаўазымлы шахслар 5 ден 15 БЕМге шекем (1,7 миллион сумнан 5,1 миллион сумға шекем) жәрийма төлейди.
Бирақ ең әҳмийетли сораў – егер товар алдаўшылық болса не болады? Жынаят кодексиниң 168-статьясы алдаўшылықты жынаят деп белгилейди. Егер блогер биле тура сапасыз ямаса жоқ товарды реклама етсе, бул алдаўшылықта қатнасыў сыпатында баҳаланыўы мүмкин. Жоқарғы судтың 2023-жыл 23-июньдағы 17-санлы қарарына бола, алдаўшылықта жалған мағлыўматларға товардыӊ сапасы ҳәм баҳасы ҳаққындағы мағлыўматлар да киреди.
Бирақ әмелде блогердиң жуўапкершилигин дәлиллеў қыйын. Буның ушын оның товардыӊ сапасызлығын билгенин дәлиллеў керек. Егер блогердиң өзи де алданған болса, жуўапкершилик тийкарынан реклама бериўшиге түседи.
Және бир әҳмийетли мәселе – “курслар” ҳәм “марафонлар”. Көбинесе блогерлер “бизнес сырлары”, “миллионға жол”, “психология тийкарлары” сыяқлы курсларды реклама етеди. Тутыныўшы пул төлейди, бирақ курс социаллық тармақлардағы бийпул видеолардан өзгешеленбейди. Бул жағдайда да Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызам қолланылады. Хызметтиӊ сапасы ўәде етилгенине сәйкес келмесе, тутыныўшы пулды қайтарыўды талап етиў ҳуқықына ийе.
Егер сиз зыян көрген болсаңыз, төмендеги басқышларды орынлаң: барлық дәлиллерди сақлаң – скриншотлар, төлем квитанциясы, реклама видеосы, жазыспалар; дәслеп сатыўшыға жазба мүрәжат етиң – товарды қайтарыў ямаса пулды қайтарыўды талап етиң; егер жуўап алмасаңыз, Бәсекини раўажландырыў комитетине шағым етиң – олар анық емес реклама мәселелери бойынша ўәкилликли уйым; аўыр жағдайларда судқа мүрәжат етиң – материаллық ҳәм руўхый зыянды өндириў ушын; алдаўшылық жағдайларында ишки ислер уйымларына арза бериң.
Блогерлерге болса усыныс: реклама етиўден алдын товар ямаса хызметти өзиңиз тексериң; ўәде бериўде абайлы болың – “100 процент нәтийже,” “ҳәммеге жәрдем береди” сыяқлы сөзлер анық емес реклама белгиси; шәртнамада жуўапкершиликти анық белгилең; гүманлы усыныслардан ўаз кешиң – жазылыўшыларыңыздың исеними сиздеги ең қымбатлы нәрсе.
Санлы дүньяда исеним тийкарғы валюта. Оны жоғалтыў аңсат, қайтарыў қыйын. Тутыныўшылар да, блогерлер де бул ҳаққында ойлаўы керек.
Гулноза Бобоева, ӨзА