Көк көйлек – қарақалпақлар мәдениятының өзине тән “жылнамасы”

Көк көйлек – нағыслы байрам көйлеги, қарақалпақ ҳаял-қызларының дәстүрий кийиминиң ең жарқын ҳәм сийрек ушырасатуғын элементлеринен бири. Изертлеўшилердиң пикиринше, халық арасында сақыйна көйлек ямаса кестеленген көйлек деп те аталатуғын бундай көйлеклердиң Орайлық Азияда басқа халықлар кийимлери арасында уқсасы жоқ. Сол себепли көк көйлек халық мәдениятының сийрек ушырасатуғын кубылысы.
Көриниси жағынан күнделикли көйлекке уқсайды: ийни тигиссиз, еркин пишилген, қаптал тәреплеринде киши жыртықлары бар, узын ҳәм кең жеңлери үшмүйешли қосымшалар менен безелген. Көйлек қолда тоқылған пахта гезлемесинен – бөзден тигилген болып, ол тәбийғый индиго бояўы менен қолда боялған ҳәм гезлемеге тойғын көк рең берилген. Жағасы енсиз, тик, көкирек бөлими ашық кесимли болады.
Көйлектиң алды қызыл, сары, жасыл ҳәм ақ реңдеги жипек сабақлар менен тоқылған бай кестелер менен безелген. Қыя қатарлар бойлап ромблар, квадратлар және шеңберли нағыслары жайластырылған. Жеңлериниң шетлери қызыл жипек сабақ пенен жийекленген, бул көйлектиң декоративлик тәсирин күшейтеди.
Изертлеўшилер оны әййемги кийимлердеги қорғаўшы ҳәм сақлаўшы күш ҳаққындағы идеяларға тән деп шамалайды. Бул нағысларда «Қырық қыз» эпосында жырланған массагет қызларының әскерий кийиминдеги үлгилер, соның менен бирге түрли дәўирлердиң дәстүрлери, диний исеними ҳәм көркемлиги сәўлеленген.
Савицкий музейи ушын көк көйлеклер айрықша әҳмийетке ийе. Оның коллекциясында ҳәзирги күнде Игорь Савицкий тәрепинен 1960-жылы Қарақалпақстанның Қараөзек, Тахтакөпир ҳәм Қанлыкөл районларынан жыйналған көк көйлектиң төрт түри сақланбақта. Бул сийрек ушырасатуғын буйымлар кестешиликтиң жергиликли өзгешеликлерин сәўлелендиреди, аймақтың тарийхы ҳәм мәдений естелигиниң ҳақыйқый гүўасы болып есапланады.
Көк көйлекти қарақалпақлар мәдениятының өзине тән “жылнамасы” – сөз бенен емес, ийне ҳәм сабақ пенен дөретилген, әсирлер даўамында бизге жетип келген қурамалы ҳәм тәсирли дерек деп атаў мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги