Нызам үстинлиги, мәмлекетлик басқарыўға байланыслы қандай жаңалықлар әмелге асырылады?

Мәмлекетимиз басшысының басламасы тийкарында “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жетилистирилмекте.
Стратегия жойбарының “Нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў” бағдары бойынша қандай жаңалықлар енгизиледи?
“Раўажланыў стратегиясы” орайында шөлкемлестирилген баспасөз әнжуманында әне усы сораўға жуўап берилди.

Әдиллик, Санлы технологиялар министрликлери, Басқарыў нәтийжелилиги агентлигиниң жуўапкерлери журналистлерге өз бағдарлары шеңберинде исленген ҳәм әмелге асырылыўы режелестирилип атырған мәселелер ҳаққында мағлыўмат берди.
“Раўажланыў стратегиясы” орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков стратегия жойбарын додалаўда кең жәмийетшиликтиң белсене қатнасып атырғаны ҳүжжеттиң және де жетик ҳәм халықшыл болыўын тәмийинлейтуғынын атап өтти.
Әдиллик министрлиги департамент баслығы Элдор Маҳкамов мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәмлекетлик хызметлер тараўында нәтийжелиликти арттырыў арқалы халыққа қолайлық жаратылып атырғанын атап өтти. Мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасын толық санластырыў шеңберинде архив материалларының санластырылған үлеси 80 процентке жеткериледи. 40 миллион ҳүжжеттен 25 миллионын санластырыў режелестирилмекте.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият атқарыў уйымларының халықтың мәплерине байланыслы болған ўәкилликлерин әмелге асырыўда “бюрократияны нольге түсириў” принципи 100 процентке жеткериледи.

Социаллық-экономикалық, қурылыс ҳәм энергетика, инсан ресурслары, салық, бажыхана ҳәм халықты жумыс пенен тәмийинлеў сыяқлы тараўларға байланыслы 20 дан аслам электрон системалар ҳәкимликлер жумысына енгизиледи.
Санлы технологиялар министрлигиниң ўәкиллери санлы мәмлекетлик басқарыўды комплексли раўажландырыў, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди бирден-бир санлы орталық тийкарында шөлкемлестириў – тийкарғы мақсет екенин атап өтти. Бул ашық-айдынлық, нәтийжелиликтиң тийкарғы факторы болып, халық ҳәм исбилерменлер ушын кеңнен қолайлық жаратады.

Пуқаралардың мүрәжаты ҳәм жәмийетлик қадағалаў механизмлерин күшейтиў мақсетинде “Халық қадағалаўы” порталы ҳәр бир аймақта 100 процент енгизиледи. Мәмлекетлик хызметлерди бирден-бир экосистема тийкарында шөлкемлестириў ушын “Санлы ҳүкимет” системасының бирден-бир платформасына жалғанған сервислер саны 700 ге жеткериледи.
Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги департамент баслығы Ғолибжон Абдуазизов мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў – оны заманагөй талаплар тийкарында раўажландырыўға қаратылғанын атап өтти.
Ҳәр жылы он республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ишки ис жүргизиў процесслери басқышлары (ҳүжжетлерди келисиў, қол қойыў, мағлыўмат алмасыў ҳәм басқа да процесслер) 5 процентке оптималластырылады. Дәстүрий түрде әмелге асырылып атырған тәртип-қағыйдалардың кеминде 10 проценти санластырылады. Сол арқалы бул процесслерде қағаз жумсалыўын қысқартыў, мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң басқарыў ҳәм қәниге кадрлар категориясындағы лаўазымларды иелеўди 100 процент маманлық дәрежесине тийкарланған карьера модели бойынша таңлаўлар арқалы әмелге асырылады.
“Edu.argos.uz” аралықтан билимлендириў платформасы арқалы мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң онлайн тәжирийбе арттырыў қамтып алыўы 100 процентке жеткериледи. “Мәмлекетлик хызметкер” мобиль қосымшасынан пайдаланып атырған мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң үлеси 100 процентке жеткериледи.
Баспасөз әнжуманы жуўмағында жуўапкерлер журналистлерди қызықтырған сораўларға жуўап берди.
Норгул Абдураимова,
Аслиддин Алижонов (фото), ӨзА