Өзбек жазыўшысы Қўчқор Норқобилдиң шығармасы Сербияда басып шығарылды

Елимизде аўдарма тараўына қаратылып атырған итибар жазыўшыларымыздың шығармаларын шет тиллерге аўдарыў, оларды сырт ел китапқумарларына усыныў имканиятын бермекте.
Белгили өзбек жазыўшысы ҳәм драматурги Қўчқор Норқобил шығармалары көплеген сырт еллерде турақлы басып шығарылмақта. Жақында Сербияның “Врачар” баспасы тәрепинен дөретиўшиниң “Жүректеги бомба” китабы басып шығарылды.

Сербия Жазыўшылар аўқамының ағзасы, талантлы жазыўшы, профессор тәрепинен серб тилине аўдарылған бул китапта жазыўшының “Көл түбинен қайтқан муҳаббат” повести ҳәм гүрриңлер дүркими орын алған.

– Қўчқор Норқобил шығармаларында өзбек халқының жақсы пазыйлетлери ҳәм өзине тән характери, бүгинги дүнья ушын оғада әҳмийетли болған инсаный меҳир-муҳаббат көринип турады. Әсиресе, урыс азапларын дәрт пенен сүўретлеп атырған жазыўшының ишиндеги дәрт оқыўшының қәлбинде де тынышсызланыў оятады. Жазыўшы көплеген гүрриңлеринде барлық халықлардың улыўма үйи – Жер шарында адамлар тыныш-татыў жасаўға ҳақылы, деген улыўма инсаныйлық идеяны алға қояды. Бул ҳаққында бурын да жазған едим, және тәкирарлайман. Күтилмеген шешимлер ҳәм характерлер шебери, өзбек жазыўшысының китабы ҳәр бир сербтиң үйине кирип барыўын қәлеймен, – дейди китап аўдармашысы Валентина Новкович.

Ҳақыйқатында да, бүгинги оғада қыйын ҳәм қәўипли дәўирде өзбек жазыўшысының урыстың аянышлы ҳәм қайғылы ақыбетлерин айқын ашып бериўи, тынышлықты сақлаўға байланыслы баҳалы көркем-философиялық пикирлери оқыўшыны ойландыратуғыны анық.
Айтып өтиў керек, буннан алдын бул мәмлекетте жазыўшының “Көзлериңди көриўге келдим”, “Алыстағы сәйкеслик” китаплары басып шығарылған еди. Қўчқор Норқобилдиң шығармалары Россия, Беларусь Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлерде басып шығарылған.
Н.Усмонова, ӨзА