Дизимге алыў – аймақларды раўажландырыўдың әҳмийетли факторы

16

Хабарыңыз бар, бүгин халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларына рәсмий түрде старт берилди.

Усы мүнәсибет пенен Хожели районы ҳәкимлигинде бул жумысларды системалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў, жүзеге келиўи мүмкин болған мәселелерди анықлаў ҳәм оларды сапластырыў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

Оған Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги директоры И.Эргашев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы А.Жуманазаров, Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев, район көлеминдеги мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, мәҳәлле жетилиги ағзалары, сондай-ақ, жаслар қатнасты.

Мәжилис даўамында халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириўдиң әҳмийетли тәреплери, бул процесслердиң аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, мәмлекетлик бағдарламаларды мәнзилли режелестириў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўдағы орны ҳәр тәреплеме талқыланды.

Сондай-ақ, дизимге алыў илажларының мәмлекет көлеминде бирден-бир мағлыўмат базасын қәлиплестириў, аўыл хожалығы тараўларын раўажландырыў бойынша анық ҳәм исенимли статистикалық мағлыўматларды жаратыўдағы әҳмийети айрықша атап өтилди. Илаж қатнасыўшыларына дизимге алыў илажларының нызамшылық тийкарлары, шөлкемлестириў механизмлери ҳәм әмелий тәреплери бойынша толық түсиниклер берилди.

Мәжилисте жуўапкер шөлкемлерге ҳәм мәҳәлле системасы ўәкиллерине халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларын белгиленген мүддетлерде, жоқары дәрежеде, сапалы ҳәм жуўапкершилик пенен әмелге асырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилип, өз-ара бирге ислесиўди және де күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги