Осака университетиниң профессоры менен ушырасыў нәтийжели өтти

8

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Биология факультетинде Японияның Осака университети профессоры, сондай-ақ, National Geographic жәмийетиниң координаторы Кен Ито менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға факультет профессор-оқытыўшылары, таяныш докторантлар, магистрантлар ҳәм студент жаслар қатнасты.

– Ушырасыў даўамында дәрилик өсимликлер, экология, биология бағдарындағы қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды, – дейди Биология факультети деканы профессор М.Жуманов. – Профессор Кен Ито менен биргеликте климат өзгериўи, экологиялық машқалаларды үйрениў, биологиялық көп түрлиликти сақлаўға қаратылған халықаралық жойбарларды қоллап-қуўатлаў, тәжирийбе алмасыў ҳәм жас илимпазлардың имканиятларын арттырыўды мақсет еткенбиз.

Профессор факультеттиң илимий-билимлендириў инфраструктурасы, кафедралар ҳәм заманагөй лабораториялар жумысы менен танысты. Дәрилик өсимликлерди изертлеў бағдарында алып барылып атырған илимий жумысларға айрықша қызығыўшылық билдирди. Лабораторияларда өткерилип атырған изертлеўлер менен танысып, ол дәрилик өсимликлерден нәтийжели пайдаланыў, олардың биологиялық актив қәсийетлерин анықлаў ҳәм фармацевтика тараўына енгизиў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Ушырасыўда, илимий байланысларды раўажландырыў, биоэкологиялық илимий изертлеўлер тараўларында бирге ислесиў, жойбарларды биргеликте таярлаў, халықаралық тәжирийбе алмасыў, семинарлар ҳәм стажировкалар шөлкемлестириў мәселелери де додаланды. Еки университет арасында келешекте бирге ислесиў меморандумларын дүзиў, биргеликте илимий-изертлеў режелерин ислеп шығыў, бакалавр студентлери, магистрантлар ҳәм таяныш докторантларды илимге бағдарлаў бойынша бирге ислесиўге келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги