Мәҳәллелердеги белсенди жаслар менен ушырасыў өткерилди

28

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қала ҳәм район мәҳәллелериндеги көше сәрдарлары болған белсенди жаслар менен ушырасты.

Жоқарғы Кеңес Баслығы дәслеп соңғы жыллары Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша меҳири ҳәм итибары менен өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, сондай-ақ, усы тийкарда әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар, турмысымызда кеңнен ен жайдырылып атырған реформаларды атап өтип, әмелий илажлар анық тастыйығы менен көрсетилип, бүгинги күнде даўам еттирилип атырған жумыслар, сондай-ақ, алдағы режелер ҳаққында мағлыўмат берди.

Президентимиздиң тек ғана Қарақалпақстан ушын 2017-жылдан берли 78 пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилгенлигин айрықша мақтаныш пенен айтыў керек. Соннан, ҳәзирги ўақытта 38 ҳүжжеттиң орынланыўы даўам етпекте. Ең тийкарғысы, бул тарийхый ҳүжжетлер тийкарында халқымыз турмысында бурын болмаған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берип атыр. Турмыслық реформалардың әмелий нәтийжелери ҳәр бир шаңараққа кирип бармақта.

Өткерилген ушырасыўда мине, усындай ийгиликли илажлар кең түрде сөз етилди.

Өз гезегинде, жаслар да айрықша меҳир ҳәм итибар ушын Президентимизге Қарақалпақстанлы жаслардың атынан терең миннетдаршылықларын жеткериў бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығына усыныс билдирди ҳәм бул усыныс мақулланды.

Буннан соң, жаслар менен жақыннан пикирлесилип, ҳәр бир көтерилген мәселе белгилеп алынды.

Ушырасыў даўамында жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып, мәҳәллелерде көпшиликке үлги болып атырған бир қатар жаслар Жоқарғы Кеңес Президиумының қарары тийкарында «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги