Шет тили муғаллимлери ушын В2 талабы: министрлик анықлық киргизди

16

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги шет тили пәнлери муғаллимлериниң жумыс алып барыўына байланыслы хабарларға анықлық киргизди.

Министрликтиң мәлим етиўинше, енди улыўма билим бериў мектеплеринде жумыс ислеп атырған шет тили муғаллимлери ушын кеминде В2 дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген халықаралық тил сертификатына ийе болыў лаўазым маманлық талапларының тийкарғы шәртлеринен бири сыпатында белгиленген.

Бул талап Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-майдағы қарарында белгиленген болып, оның күшке кириў мүддети педагоглар ҳәм жәмийетшиликтиң мүрәжатлары тийкарында бир неше мәрте создырылған.

Министрлик тәрепинен сертификат алыў ушын муғаллимлерге бийпул онлайн ҳәм офлайн таярлаў сабақлары шөлкемлестирилгени хабарда еслетип өтилген.

Нәтийжеде 2025-жылдың сентябрь-декабрь айларында 5 мыңнан аслам педагог сертификатқа ийе болды. Ҳәзирги ўақытқа келип болса 39 мыңнан аслам шет тили муғаллимлери тийисли сертификатларға ийе, делинеди мағлыўматта.

Мәлим етилиўинше, сертификатқа ийе болмаған муғаллимлерге 2026-2027-оқыў жылы басланғанға шекем имтихан тапсырыў ҳәм ҳүжжетти қолға киргизиў имканияты бериледи. Соның менен бирге, таярлаў курслары алдағы ўақытлары да даўам еттириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги