А380 автомобил жолының және бир бөлеги пайдаланыўға тапсырылды

Республикамызды социал-экономикалық жақтан раўажландырыў жолында алып барылып атырған кең көлемли реформалар қатарында жолларды оңлаў ҳәм жаңадан салыў жумыслары жеделлик пенен алып барылмақта. Тараўда алып барылып атырған жумыслар қатарында бир қанша жақсы нәтийжелерге ерисилмекте.
Президентимиздиң 2024-жыл 24-декабрьдеги “2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында Халықаралық әҳмийеттеги А380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының 718-723-километрлер аралығындағы бөлеги реконструкцияланып, пайдаланыўға тапсырылды. Бул жол бөлеги Әмиўдәря районы аймағынан өтеди.
Реконструкция жумыслары нәтийжесинде автомобиль жолының техникалық жағдайы жақсыланып, ҳәрекет қәўипсизлиги ҳәм транспорт ағымының үзликсизлиги тәмийинленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги