Ўатан қорғаўшыларына бағышланған байрам илажы

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 34 жыллығы ҳәм «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен Тахтакөпир районында салтанатлы байрам илажы болып өтти.
Оған район ҳәкимлиги, Қорғаныў бөлиминиң хызметкерлери, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери, ветеранлар, депутатлар, аймақ белсендилери, нуранийлер ҳәм жаслар қатнасты.
Салтанатлы мәресим Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Илажды район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов кирис сөз бенен ашып, барлық әскерий тараў хызметкерлерин, ветеранларды ҳәм халқымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Буннан соң, районлық Қорғаныў ислери бөлими баслығы, подполковник Ф.Жураев сөзге шығып, ҳүрметли Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасының айырықша итибари менен тараўда ерисилип атырған жетискенликлерге кең түрде тоқталып өтти.
Өткерилген илаж даўамында тараўда узақ жыллар нәтийжели хызмет еткен, Ўатан қорғаў жолында пидәкерлик пенен мийнет еткен ветеранлар, бүгинги күни хызмет етип атырған бир қатар тараў пидайылары район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Байрам илажы мәденият тараўы хызметкерлериниң Ўатансүйиўшилик руўхында таярланған концерт бағдарламалары менен көтериңки кейпиятта даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги