Сәне мүнәсибети менен байрам илажы шөлкемлестирилди

Бүгин елимизде кең түрде белгиленип атырған 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 34 жыл толыўы мүнәсибети менен Нөкис районында да байрам илажы болып өтти.
Байрам кешесинде район ҳәкими З.Зайтов шығып сөйлеп, әскерий тараў хызметкерлерди, ветеранлар ҳәм байрам қатнасыўшыларын сәне мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Президентимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, Қураллы Күшлерди беккемлеў, халқымыздың тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин, мәмлекетимиз шегараларына қол қатылмаслығын тәмийинлеў, соның менен бирге тактикалық ҳәм де стратегиялық ўазыйпаларын нәтийжели шешиўге ылайық болған, заманагөй, ҳәр тәреплеме жақсы қуралланған миллий армияны және де жетилистириў бойынша салмақлы жумыслар алып барылып атырғанлығын атап өтти.
Буннан соң, 71181-санлы әскерий бөлиминиң офицер ҳәм сержантлары, районлық Қорғаныў бөлими хызметкерлерине район ҳәкимлиги тәрепинен естелик саўғалари тапсырылды.

Байрам илажы районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги