Ўатан қорғаўшыларының пидайы хызметлери атап өтилди

Хожели районында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти. Илажда район ҳәкими Ж.Ермашев, район прокуроры А.Халимов, Мәмлекетлик салық инспекциясының баслығы А.Смамутов, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм әскерий тараў хызметкерлери қатнасты.
Салтанатлы кешеде район ҳәкими Ж.Ермашев шығып сөйлеп, мәртлик, батырлық ҳәм Ўатансүйиўшилик пазыйлетлерин өзинде жәмлеген барлық пидайыларға терең ҳүрмет ҳәм миннетдаршылық билдирип, олардың жуўапкершиликли хызмети Жаңа Өзбекстанның турақлы раўажланыўы ҳәм беккем келешеги жолында үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтип, бәршени байрам менен қутлықлады. Буннан соң, тараў хызметкерлерине ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды. Байрам илажы районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.



Қарақалпақстан хабар агентлиги