Жаслардың келешегине бағдарланған имканиятлар дереги

12

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжаты – мәмлекеттиң раўажланыўы, экономиканы модернизациялаў ҳәм жаслардың имканиятларын еле де кеңейтиўге қаратылған әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.

Мүрәжат мәмлекетлик сиясаттағы тийкарғы бағдарларды анық белгилеп, атап айтқанда, кәсиплик таярлаў, мийнет базары ҳәм билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларға айрықша итибар қаратқаны менен және де әҳмийетли. Атап айтқанда, онда жаслардың билим ҳәм маманлығын арттырыў, оларды заманагөй, талап жоқары болған кәсиплер менен таныстырыў ҳәм мийнет базарында бәсекиге шыдамлы қәниге  сыпатында таярлаўда  заманагөй бағдарлар белгиленген. Мүрәжатта белгиленген ўазыйпалар арқалы мәмлекетимиздиң  билимлендириў ҳәм кәсиплик таярлаў  системасын халықаралық  стандартларға сәйкес түрде раўажландырыў, мектеп ҳәм техникумлар, сондай-ақ, жумыс бериўшилер менен тығыз бирге ислесиўди беккемлеў көрсетип өтилди.

Кәсиплерди раўажландырыў ҳәм жаңа мийнет базары архитектурасын жаратыў – бүгинги күн талабы болып есапланады. Жаңа технологиялар, санластырыў ҳәм жасалма интеллект тәсиринде мийнет базары кескин өзгермекте, соның ушын балаларымызға кәсиплик  бағдарды белгилеў ҳәм оларды маманлығына сай билимлендириўге бағдарлаў зәрүр. Қәнигелердиң атап өтиўинше, балада кәсипке қызығыўшылық 7-класстан басланып, 9-класста анық қәлиплеседи. Сонлықтан, 9-класс питкериўшилерин пәнлерди өзлестириўи ҳәм кәсиплик қызығыўшылығына қарай бағдарлаў системасы – жасларымыздың қәбилети ҳәм қызығыўшылығына сәйкес кәсип таңлаўы ушын әҳмийетли қәдем болып есапланады. Бул арқалы жоқары оқыў орнына кириў тилегинде болмаған жаслар да нәтийжели кәсиплик билим алады.

Техникумлардың заманагөй орталыққа ийе болыўы, алдынғы билимлендириў бағдарламаларының енгизилиўи ҳәм ҳәр жылы кеминде 100 техникумды толық оңлап, технологиялық жақтан заман талабына сай үскенелеў – кәсиплик билимлендириўдиң сапасы ҳәм абырайын жаңа басқышқа алып шығады. Алдынғы кәсиплик шеберлик техникумлары ҳәм “Кәсиплер қалашасы” жойбарлары мектеп, техникум ҳәм жумыс бериўши арасындағы бирге ислесиўди беккемлейди, жасларды қурылыс, сервис, санаат, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм “жасыл” энергетика тараўларындағы заманагөй кәсиплерге бағдарлаў имканиятын береди.

Дуал билимлендириў системасын қоллап-қуўатлаў, жумыс бериўшилерге жеңиллетилген кредитлер ҳәм салық жеңилликлериниң енгизилиўи билимлендириў ҳәм өндирис арасындағы байланысты және де беккемлейди. Соның менен бирге, 100 мың техникум оқыўшысына стипендия енгизилиўи ҳәм “айрықша” баҳаларға ийе, кәсибин пуқта ийелеп атырған жасларға және де көбирек муғдарда стипендия берилиўи – жасларымыздың кәсиплик билимлендириўге қызығыўшылығын ҳәм билимге умтылыўын және де арттырады.

Президент Мүрәжатында белгиленген ўазыйпалар – тек ғана экономиканың тийкарғы тараўлары ушын жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе кадрларды таярлаўға емес, ал жаслардың келешегин беккемлеўге қаратылған имканиятлар дереги екенлигин атап өтким келеди. Депутат ҳәм билимлендириў тараўының ўәкили сыпатында бул реформалардың орынларда нәтийжели енгизилиўине әмелий үлес қосыў, билимлендириў мәкемелери, жергиликли структуралар ҳәм жумыс бериўшилер арасындағы өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў үлкен әҳмийетке  ийе деп билемен. Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, жаслардың кәсиплик қызығыўшылығы ҳәм мийнет базарының талапларына сәйкес потенциалын раўажландырыў мәселелери мине усы бирге ислесиў арқалы анық нәтийжелер бериўи, жасларымыздың кәсип ийелеўи ҳәм жәмийетте өз орнын табыўына хызмет етеди.

Жанар Алиева,

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң

депутаты, райондағы 17-санлы мектеп директоры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги